Филиалдағы жаңаланыў ҳәм өзгерислер менен танысты

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалында баспасөз әнжуманы өткерилди.
Конференцияда усы филиалдың директоры Мэлс Қутлымуратов тәрепинен филиалда әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелери ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, филиал тәрепинен денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў, емлеў-профилактика мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм денсаўлықты сақлаўды раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасын орынлаў бойынша жумыслар алып барылмақта.
-Филиалда жәми 135 орын болып, соннан 40 орынлық “Жүрек аритмиясы ҳәм ишемик кеселликлер” бөлими, 25 орынлық “Артериал гипертония” бөлими, 30 орынлық “Миокард инфаркти ҳәм қыстаўлы кардиология” бөлими, хожалық есабындағы 40 орынлық Реабилитация ҳәм Рентген-эндоваскуляр хирургия бөлимлери бар,-дейди Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы директоры Мэлс Қутлымуратов.- Бул бөлимлерде ҳәр жылы орташа 4800-5200 наўқас емленип, өз саламатлығын тиклеп шығады. Наўқасларға 1 медицина илимлериниң кандидаты, 2 «Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен шыпакер», жоқары ҳәм биринши дәрежели категорияларға ийе 34 шыпакер хызмет көрсетип келмекте.
Филиалда 2020-жылдан баслап халыққа жоқары технологиялық диагностика ҳәм емлеў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, 2023-жылы 544 жоқары технологиялық операциялар әмелге асырылған болса, соннан 234 операцияда стенд қойылды. 2024-жылы болса, 457 операция әмелге асырылып, соннан 194 наўқасқа стенд қойылды. Ал, 2025-жылдың өткен 9 айында 281 хирургиялық әмелият өткерилип, соннан 135 наўқасқа стенд қойыў жолы менен жоқары технологиялық операциялар әмелге асырылған.
Әнжуманда журналистлер филиалда алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысып, бүгинги күни кең жәмийетшиликти қызықтырып жүрген мәселелерге жуўапкерлерден тийисли жуўап алды.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы