Саат 18:00 ден кейинги қурылыс шаўқымлары ушын жәрийма төлейсиз

133

Әдетте онша итибар бермейтуғын ҳәр қыйлы жоқары даўыслар, шаўқымлар инсан саламатлығына зыян келтиреди. Бүгинги күнде көшелердеги шаўқымлар өлшеми 50-60 децибелге шекем жетеди.

Мағлыўматларға қарағанда, 42 децибелден жоқары шаўқым уйқысызлық, нерв бузылыўы ушын жетерли болады екен. 70-90 децибелге шекемги шаўқым болса нервлердиң зорығыўына, 120 децибелдеги шаўқым болса нерв кеселликлерин жүзеге келтириўге себеп болады. Соның ушын да халықты шаўқымның зыянларынан қорғаў, бул бағдарда зәрүр илажларды көриў әҳмийетли.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Экологиялық партия фракциясының бүгинги мәжилисинде “Халықты шаўқымның зыянлы тәсиринен қорғаў ҳаққында”ғы нызам жойбары екинши оқыўда қызғын додаланды.

Нызам жойбары менен халықты шаўқымнан қорғаў процеси тәртипке салынбақта. Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларына бола, инсанның дем алыў ўақты 8 саат болыўы керек. Соннан келип шығып, түнги ўақыт – 23:00 ден 07:00 ге шекемги ўақыт аралығында, сондай-ақ, дем алыс ҳәм байрам күнлери саат 22:00 ден 09:00 ге шекемги ўақыт аралығында пуқаралардың тынышлығын бузғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.

Қурылыс-монтажлаў жумысларына жумыс күнлери саат 9:00 ден 18:00 ге шекем руқсат бериў нәзерде тутылмақта. Бүгинги күнде жоқары даўыслы мотоцикллерден пайдаланыў, әсиресе, түнги ўақытларда жарыс ойнаў жағдайлары артып бармақта. Транспорт қуралларының бундай артықша шаўқымы ушын да жуўапкершилик белгиленбекте. Буның ушын Ишки ислер уйымларына тийисли илаж көриў бойынша ўәкилликлер берилмекте.

Шаўқымнан зыян көрген жағдайда суд тәртибинде компенсация өндириў тәртиби белгиленбекте. Сондай-ақ, ҳәкимшилик жуўапкершилик муғдарын арттырыў мәселеси де нәзерде тутылған.

Бул тәртиплер миллий байрамлар, ғалабалық спорт ҳәм мәдений илажлар, сондай-ақ, диний үрп-әдетлер ҳәм мәресимлерди орынлаў нәтийжесинде пайда болатуғын шаўқымға қолланылмайды.

Додалаўларда депутатлар шаўқым тек дем алыс ўақтында емес, күндиз – жумыс ўақтында да тәсир етиўи мүмкин екенлигин айтып, бунда қандай тәртипте илажлар көрилиўи мүмкин екенлиги менен қызықсынды. Буннан тысқары, тойханалардан шығатуғын бәлент шаўқымлар мәселесине де тоқтап өтилди.

Қызғын сораў-жуўаплар даўамында депутатлар тәрепинен көтерилген мәселелерге жуўаплар берилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА