Бакалавриат тәлим бағдарлары вакант орынларына қосымша қабыллаў әмелге асырылады

110

Өзбекстан Республикасы билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының баянламасына муўапық, 2025-2026-оқыў жылы ушын бакалавриат тәлим бағдарларында вакант қалған орынларға қосымша қабыллаў әмелге асырылады.

Оған бола, 2025-жылғы кириў имтиханларында 56,7 балл ҳәм оннан жоқары нәтийже көрсеткен, бирақ студентликке усыныс етилмеген, соның ишинде, дизимнен өтиўдиң екинши басқышында жоқары билимлендириў шөлкеми ҳәм бакалавриат тәлим бағдарларын таңламаған абитуриентлерге төмендеги имканиятлар жаратылады:

– Мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлеринде қалған вакант бакалавриат тәлим бағдарларына таңлаўда қатнасыў ушын 2025-жыл 25-сентябрьден 3-октябрьге шекем (сол күни де) my.uzbmb.uz сайты арқалы онлайн дизимнен өтиў имканияты жаратылады;

– Дизимнен өткен абитуриентлер топлаған баллары избе-излигине қатаң әмел еткен ҳалда вакант орынларға базалық төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етиледи;

– Дизимнен өтиў процесинде пәнлер комплекси сәйкес болған бакалавриат бағдарын таңлаў имканияты бериледи;

– Таңлаў нәтийжелери бойынша протоколлар 2025-жыл 8-октябрьге шекем басып шығарылып, тийисли жоқары билимлендириў шөлкемлерине студентликке қабыллаў бойынша ҳүжжетлерди рәсмийлестириў ушын жеткериледи.

Улыўма қабыллаў параметрлеринде вакант орынлар, қалған бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша мағлыўматлар Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

Қосымша қабыллаў билим алыў нийетинде болған, бирақ тийкарғы қабыллаўда әўмети келмеген абитуриентлер ушын екинши имканият болып есапланады. Сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен жаратылып атырған бул шараятлар жасларға билим алыў, өз жолын табыў ҳәм келешекке исеним менен қараў имканиятын береди.

 

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА