Абитуриентлер ушын жоқары билимлендириўге кириў бойынша қосымша имканиятлар белгиленди. Дифферренцияластырылған (суперконтракт) ашылады

112

Өзбекстан Республикасы билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссия мәжилисиниң тийисли протоколы тастыйықланды.

Оған бола:

– бакалавриат тәлим бағдарларында вакант қалған орынлар ушын таңлаў өткериледи. Онда 56,7 балл ҳәм оннан жоқары нәтийже көрсеткен, бирақ студентликке усыныс етилмеген, соның ишинде, дизимнен өтиўдиң екинши басқышында жоқары билимлендириў шөлкеми ҳәм бакалавриат тәлим бағдарларын таңламаған абитуриентлерге де имканият жаратылады;

– Кириў имтиханлары нәтийжелерине бола абитуриентлер ушын дифферренцияластырылған төлемли-контракт тийкарында оқыўға кириў имканияты жаратылады;

– республикада жумыс алып барып атырған сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлерине мәмлекетлик буйыртпалар тастыйықланды;

– Қарақалпақстан жаслары ушын қосымша грант ҳәм төлемли-контракт орынлары ажыратылды.

Сондай-ақ, Президент гранты ушын ажыратылған квоталардың билимлендириў тараўлары бойынша бөлистирилиўи ҳәм мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлериниң магистратура қәнигеликлерине таңлаў нәтийжелери тастыйықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги