Өзбекстанда пластмасса ҳәм полимер санааты ушын жаңа имканиятлар есиги ашылады

Усы жылдың 23-25-сентябрь күнлери “Өзэкспоорай” миллий көргизбелер комплексинде “Пластмасса ҳәм полимерлер санааты – Plastex Uzbekistan 2025” 15-юбилей халықаралық көргизбеси болып өтеди.
“Iteca Exhibitions” халықаралық компаниясы ҳәм оның шериги “ICA Eurasia Group” тәрепинен шөлкемлестирилип атырған илажда Өзбекстан, Германия, Ҳиндстан, Иран, Қытай, Корея Республикасы, Латвия, Россия, Түркменстан, Түркиядан 250 ден аслам компания ҳәм брендлер қатнасады.
Бизге белгили, “Plastex Uzbekistan” биринши мәрте 2010-жылы өткерилген болып, соннан берли ол пластмасса ҳәм полимер санааты қәнигелери ушын әҳмийетли ушырасыў майданына айланды. Өткен 15 жыл даўамында бул көргизбе 20 мәмлекеттен мыңнан аслам компания ҳәм брендлерди бирлестирди. 30 мыңнан аслам қәнигелер ҳәм исбилерменлер келди. Быйылғы жылы да илажға ири ислеп шығарыўшылар, тараўдың жетекши компаниялары ҳәм халықаралық брендлер тартылмақта.
Пластикалық ҳәм полимер өнимлер бүгинги экономика ҳәм күнделикли турмыстың ажыралмас бөлегине айланғаны сыр емес. Сонлықтан, “Plastex Uzbekistan” тек ғана заманагөй технологиялар ҳәм жаңа қолланбалар көргизбеси емес, ал өндирис қуўатлықларын модернизациялаў ушын әмелий платформа сыпатында да хызмет етеди.
Быйылғы көргизбениң және бир жаңалығы сонда, ол 4P Central Asia форматында өткериледи. Бул формат пластмасса, нефть-химия, қадақлаў ҳәм полиграфия тараўларын бирлестирип, өндиристиң барлық басқышларын ҳәм түрли тармақлар арасындағы байланысты анық көрсетеди.
Көргизбе павильонларында полимерлер, нефть-химия өнимлери, инновациялық қосымшалар, өндирис линиялары, робототехника ҳәм автоматластырыў системалары, сондай-ақ, таяр пластикалық өнимлер көрсетиледи.
Н. Зиёдуллаева, ӨзА