Өзбекстан ҳәм Германия бирге ислесиўи кеңеймекте

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигинде 2025-жыл 8-октябрьге белгиленген ҳүкиметлераралық мәсләҳәтлесиўине таярлық шеңберинде Германия Федеративлик Республикасының Ташкнеттеги елшиханасының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Тәреплер күн тәртибин додалап, процесске тийисли министрликлер ҳәм уйымларды жедел тартыў зәрүрлигин атап өтти. Сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, қала қурылысы ҳәм климат тараўларындағы шериклик мәселелерин көрип шықты. Улыўма 152 миллион евролық жойбарларды қаржыландырыў бойынша келисимге қол қойыўға айрықша итибар қаратылды. Бул ҳүжжетте тийисли грант ажыратылыўы да белгиленеди.
Ушырасыў қатнасыўшылары турақлы раўажланыў, заманагөй технологияны енгизиў ҳәм инвестициялық бирге ислесиў көлемин кеңейтиўге қаратылған жаңа басламалардың әҳмийетин де атап өтти. Болажақ мәсләҳәтлесиў стратегиялық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў жолындағы әҳмийетли қәдем болыўы күтилмекте.
М.Пирматова, ӨзА