Пакистан ҳәм Өзбекстан таў-кән санааты тараўында бирге ислесиў имканиятын үйренбекте

103

Associated Press of Pakistan” (APP) мәлимлеме агентлиги Өзбекстан Республикасы Таў-кән санааты ҳәм геология министрлигинде Пакистан Ислам  Республикасы Бас министриниң санаат ҳәм өндирис бойынша арнаўлы жәрдемшиси Хорун Ахтар басшылығындағы делегация ўәкиллери менен  өткен ушырасыўын сәўлелендирди.

Сөйлесиў даўамында таў-кән ҳәм минерал ресурслар бойынша шериклик имканияты додаланды. Атап өтилиўинше, Пакистанның бай, рәңбәрең пайдалы қазылмалары ҳәм Өзбекстанның таў-кән тараўындағы тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, еки мәмлекет усы бағдарда бирге ислесиўи ушын үлкен потенциал бар.

Илажда министрдиң биринши орынбасары Феруза Ҳамидова, департамент, басқарма баслықлары, Пакистан тәрепинен ҳүкимет делегациясы қатнасты.

Сөйлесиў ўақтында өз-ара байланыслар избе-из раўажланып атырғаны атап өтилип, кән-геология тараўында баҳалы ҳәм реңли металлар, сондай-ақ, санаат ушын әҳмийетли минераллар бағдарында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў имканияты ҳаққында пикир алысылды. Әмелий процессти және де жеделлестириў мақсетинде турақлы түрде министрлер ушырасыўларын өткериўге келисип алынды.

Сол күни мийманлар технопаркке барып, елимизде ислеп шығарылып атырған ҳәр қыйлы турмыслық, тийкарынан электрон өнимлердиң ислеп шығарылыўын көзден өткерди.

Пакистанлылар биргеликте заманагөй газ ҳәм электр есаплағыш, қуяш суў ысытқышын ислеп шығарыўға айрықша қызығыўшылық билдирди.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА