Өзбекстан Президенти АҚШқа келди

67

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 80-юбилей сессиясының илажларында қатнасыў ушын Нью-Йорк қаласына келди.

Жон Кеннеди атындағы халықаралық аэропортта мәмлекетимиз басшысын АҚШ Президентиниң глобал шерикликлер бойынша арнаўлы ўәкили Паоло Замполли, Америка – Өзбекстан саўда палатасының баслығы Керолин Лэмм ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Президенти БМШ Бас Ассамблеясы 80-сессиясының улыўма додалаўларында шығып сөйлейди, сондай-ақ, бир қатар сырт мәмлекетлердиң жетекшилери, халықаралық шөлкемлер ҳәм финанслық структуралардың басшылары менен сөйлесиўлер өткереди.

АҚШтың ири корпорацияларының басшылары менен өз алдына ушырасыўлар ҳәм жетекши компанияларының ўәкиллери менен дөгерек сәўбетинде қатнасыў да режелестирилген.

ӨзА