Үшинши халықаралық өнерментшилик фестивалы ҳәм халықаралық гүлалшылық форумы қатнасыўшыларына

69

Ҳүрметли фестиваль ҳәм форум қатнасыўшылары!

Ҳүрметли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Сиз, әзизлерди жанажан Ўатанымыздың тарийхый қалаларынан бири – әййемги Қоқандқа және үлкен байрам нәпесин алып келген Халықаралық өнерментшилик фестивалы ҳәм Халықаралық гүлалшылық форумының ашылыўы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Халық әмелий көркем өнерин, оның раўажланыў тарийхы, мектеби ҳәм дәстүрлерин үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға қаратылған бул әнжуманымызда дүньяның 70 тен аслам мәмлекетинен 300 ге шамалас шебер өнерментлер, халықаралық шөлкемлер, мәдений ҳәм илимий жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасып атырғаны оның халықаралық абырайы ҳәм дәрежеси барған сайын артып атырғанынан дәрек береди.

Елимиздиң көп әсирлер даўамында қәлиплескен бай мәдений мийрасы, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларының ажыралмас бөлеги болған, өтмиш ҳәм келешек арасында мисли руўхый көпир ўазыйпасын атқарып киятырған өнерментшилик тараўының раўажланыўына елимизде үлкен итибар берилмекте. Нәтийжеде бул бағдар экономикамыздың әҳмийетли тармақларынан бирине айланып бармақта. Буның тастыйығын өнерментлер, қолы гүл усталар, дизайнер ҳәм жас дөретиўшилер ушын үлкен имканиятлар жаратылып атырғаны, олардың өнимлерин дүнья базарына алып шығыў ҳәм миллий бренд сыпатында танытыў жолында кең көлемли жумыслардың әмелге асырылып атырғанында көриў мүмкин.

Әсиресе, бул тараў раўажланған қала ҳәм районларда 11 өнерментшиликти раўажландырыў орайлары шөлкемлестирилгени, жыллық өним ислеп шығарыў көлеми 1 триллион 500 миллиард сумнан артқаны ҳәм оларды дүньяның түрли мәмлекетлерине экспорт етиў кеңейип атырғанын атап өтиў зәрүр.

Әмелий көркем өнер түрлерин қайта тиклеўге қаратылған избе-из ҳәрекетлеримиз нәтийжесинде олардың саны 43 ке жетти, соңғы үш жылда болса түрли бағдарларда мийнет етип атырған 31 мың 500 шебер усталарымыз болса “Өнермент” ассоциациясы ағзалығына биринши мәрте қабыл етилди.

Тек ғана “Устаз ҳәм шәкирт” дәстүри тийкарында 118 мың жас, соның ишинде, кем тәмийинленген, ўақтынша жумыссыз, майыплығы болған пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленгени тараўдың раўажланыўы социаллық мәселелерди шешиўде де үлкен әҳмийетке ийе болып атырғанын көрсетеди.

Елимизде өз кәсибине бәрқулла үлкен меҳир ҳәм садықлық пенен мийнет етип киятырған өнерментлердиң машақатлы мийнетин хошаметлеўге де айрықша итибар берилмекте, көплеген тараў ўәкиллери мәмлекетимиздиң жоқары атақлары, орден ҳәм медальлары менен сыйлықланбақта.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Фестиваль шеңбериндеги халықаралық конференциялар, көргизбе ҳәм ярмаркалар, миллий липаслар көргизбелери ҳәм ушырасыўлар, Риштон районында өткерилетуғын Халықаралық гүлалшылық форумы өзине тән дөретиўшилик сөйлесиўлер майданы, жас өнерментлер ушын шеберлик сабақлары болып хызмет етеди, әлбетте.

Ҳәммемизге белгили, Дүнья өнерментлер кеңесиниң қарары менен Бухара, Қоқанд ҳәм Марғулан сыяқлы ески қалаларымыз “Дүнья өнерментлер қаласы” деген жоқары статусқа ийе болған еди. Быйыл олардың қатарына Риштан ҳәм Шаҳрихон қалалары да қосылмақта.

Усы күнлерде ТҮРКСОЙ Бас секретариаты тәрепинен Қоқанд қаласына және бир ҳүрметли атама – “Түркий дүньяның өнерментлери қаласы” деген статус берилди. Биз булардың барлығын мәмлекетимизде халық әмелий көркем өнерин раўажландырыўға қаратылған жумысларымыздың халықаралық көлемдеги және бир тән алыныўы сыпатында қабыл етемиз.

Әзелден өзиниң гөззал дәстүрлери, соның ишинде, өнерментшилик мектеплери, шеберлик бойынша теңсиз усталары менен даңққа ерискен бийтәкирар Ферғана жеринде өтип атырған бул көркем өнер байрамлары мәдений турмысымызда терең из қалдыратуғын, дослық ҳәм аўызбиршилик байланысларын және де беккемлейтуғын, жас әўлад ушын кең имканиятлар ашатуғын умытылмас ўақыя болып қалады, деп исенемен.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, жаңа дөретиўшилик жетискенликлер, фестиваль ҳәм форум жумысына табыслар тилеймен.

 

 Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекистон Республикаси Президенти