Коррупцияға қарсы гүресиў машқалалары бойынша регионаллық изертлеў орайы шөлкемлестириледи

“Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында пуқаралық жәмийети институтларының қатнасын және де кеңейтиў ҳәм илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, БМШтың Коррупцияға қарсы конвенциясы қағыйдаларының орынланыўын мониторинг етиўге мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тартылып, олар тәрепинен альтернатив баҳалаў системасы жолға қойылады.
Сондай-ақ, Агентлик ҳәр жылы 1-апрельге шекем Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңеске МКШлардың коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы жойбарлары ҳәм оларды тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен қаржыландырыў бойынша усынысларды киргизип барады.
Коррупцияға қарсы гүресиўде пуқаралық жәмийети институтларының қатнасыўы, соның ишинде, олар тәрепинен әмелге асырылған жойбар, изертлеў ҳәм үйрениўлер ҳаққында мәлимлеме берип барады.
Буннан тысқары, “Коррупцияға қарсы гүресиў машқалалары бойынша регионаллық изертлеў орайы” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми шөлкемлестириледи.
Халықтың, әсиресе, жаслардың, пуқаралық жәмийети институтларының коррупцияға қарсы гүресиўдеги белсендилигин арттырыў, жәмийетте бул иллетке қарсы маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў мәселелерин изертлеў усы орайдың тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.
Н.Абдураимова,
ӨзА