Японияға барып атырған өзбекстанлылардыӊ саны артпақта

Усы жылдың өткен айларында туристлик мақсетлерде сырт елге сапар еткен өзбекстанлылардың саны 3,5 миллионға жеткен.
Бүгинги күнде саяхат ушын ең көп таңланған жөнелислер қоңсы мәмлекетлер болса да, узақ аралыққа болған қызығыўшылық та артпақта. Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, быйыл ўатанласларымыз арасында Уллы Британия ҳәм Польша менен бир қатарда Японияға саяхат етиў көлеми артпақта.
Соның ишинде, 2025-жылдың январь-июль айларында жәми 1,7 мың Өзбекстан пуқаралары туристлик мақсетлерде Японияға сапар еткен. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 663 адамға ямаса 1,6 есеге артқан.
Усы жылдың 7 айында Японияға барған Өзбекстан пуқаралары сапар мақсетлери бойынша төмендегише бөлистирилмекте. Атап айтқанда, саяхат ушын 1 мың 407, туўысқанларын көриў ушын 196, оқыў ушын 103, хызмет бабында 28, емлениў ушын 4 пуқара Японияға барған.
Олардың атап өтиўинше, Япония сапар ушын қолайлы, тыныш ҳәм халқы мәдениятлы мәмлекет болып есапланады.
Гулноза Бобоева, ӨзА