Мийўелерди экспорт етиўде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў жоллары

Нөкис қаласында Швейцария ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылып атырған Экономикалық мәселелер бойынша Мәмлекетлик секретариаты (SECO) ҳәм Халықаралық саўда орайының (ITC) «Шығыста саўданы раўажландырыў: Балкан мәмлекетлери ҳәм Орайлық Азия» жойбары шеңберинде «Қақланған мийўелерди экспорт етиўде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў» атамасындағы илимий-әмелий семинар-тренинг шөлкемлестирилди.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң қәнигелери, экспорт пенен шуғылланып атырған исбилерменлер, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының илимий потенциалға ийе профессор-оқытыўшылары ҳәм қәбилетли студентлери қатнасты.
Семинар-тренингти Халықаралық Саўда Орайының миллий мәсләҳәтшиси, Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң профессоры А.Азизов алып барды. Ол өз баянатында халықаралық тәжирийбеге тийкарланған заманагөй технологиялық қатнаслар, өнимлерди экспортқа таярлаўдағы әҳмийетли басқышлар ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар әмелий усыныслар берди.
– Қақланған мийўелерди экспорт етиў процесинде азық-аўқат қәўипсизлиги мәселелери, оларды халықаралық стандартларға муўапық қайта ислеў, сапа қадағалаўы ҳәм сертификатлаў оғада әҳмийетли,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги баслығының орынбасары Илҳам Алламбергенов.- Улыўма алғанда, бул семинар тек ғана илимий-әмелий тәжирийбе алмасыў майданы емес, ал келешекте экспорқа қолайлы өнимлерди жетистириў, қайта ислеў ҳәм халықаралық талаплар тийкарында базарға шығарыў жолында әҳмийетли басқыш болып хызмет етеди. Семинарда Global GAP, ECO ҳәм басқа да халықаралық сертификатлардың әҳмийети ҳаққында берилген мағлыўматлар исбилерменлеримиз ушын айрықша пайдалы болды. Бундай сертификатлар өнимлеримиздиң сырт ел базарларының талабына сай таярланыўы, экспорт географиясының кеңейиўи ҳәм халықаралық бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етеди.
Өткерилген бул илаж қатнасыўшылардың тек ғана теориялық билимлерин арттырыў емес, ал әмелий тәжирийбени байытыў, жаңа экспорт базарларына шығыў имканиятлары ҳәм глобал саўда талапларына бейимлесиў жолларын терең үйрениў имканиятын жаратты.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, бул жойбар Албания, Сербия, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан менен бир қатарда Орайлық Азиядағы мәмлекетлерде де азық-аўқат өнимлерин, атап айтқанда, қақланған мийўелерди ислеп шығарыў ҳәм экспортты халықаралық талаплар дәрежесинде раўажландырыўды мақсет еткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги