БМШ Бас резиденциясында “Жаңа Өзбекстан: Шавкат Мирзиёев жолы” китабының презентациясы өткерилди

Нью-Йорк қаласында жайласқан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ) Бас резиденциясында “Жаңа Өзбекстан: Шавкат Мирзиёев жолы” атамасындағы китаптың презентациясы өткерилди.
Онда БМШ басшылығы, халықаралық шөлкемлер ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллери, пуқаралық жәмийети белсендилери ҳәм журналистлер қатнасты.
Презентацияда Жаңа Өзбекстандағы реформалардың мазмун-мәниси, олардың тийкарғы басқышлары ҳәм бағдарлары ҳаққында сөз болды.

Илаж қатнасыўшылары тәрепинен Өзбекстандағы реформалар “сиясий мәртлик, стратегиялық қатнас ҳәм социаллық бағдарланғанлық”ты бирлестирген комплексли трансформация сыпатында жоқары баҳаланды.
Мәмлекетимиздеги өзгерислер барлық әҳмийетли тараўлар – мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық системасы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм санлы раўажланыўды қамтып алып атырғаны атап өтилди.

Шығып сөйлеген БМШ, бир қатар сырт мәмлекетлердиң ўәкиллери ҳәм журналистлер Өзбекстанда жүз берип атырған кең көлемли сиясий ҳәм социаллық реформаларды тән алды.
Атап өтилгениндей, бул унамлы өзгерислер тек ғана Өзбекстан ушын емес, ал пүткил Орайлық Азия регионының турақлы раўажланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Н.Абдураимова,
ӨзА