Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектиң дин тараўына тәсири

117

Астана қаласындағы Ғәрезсизлик сарайында Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында гезектеги VIII Дүнья ҳәм дәстүрий динлер жетекшилериниң қурылтайы жумыс баслады.

“Динлер қарым-қатнасы: келешек жолында синергия” сүрени астында өтип атырған бул халықаралық илажда 60 мәмлекеттен жүзден аслам делегация, соның ишинде, дүнья динлериниң жетекшилери, халықаралық шөлкемлердиң басшылары, сиясаттаныўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер қатнаспақта.

2003-жылы өткерилген биринши конференцияда Астанага 13 мәмлекеттен 17 делегация келген еди. Ўақыт өтиўи менен баслама турақлы дәстүрге айланды ҳәм бүгинги күнде 22 жыллық тарийхқа ийе абырайлы жыйын сыпатында танылды.

Форум тек ғана пикир алысыў майданы емес, ал әҳмийетли қарарлар қабыл етилетуғын халықаралық минбер болып есапланады. Додалаў темалары кең көлемли – динлераралық түсинисиўди беккемлеў, диний экстремизм ҳәм радикализмниң алдын алыў, мәдениятлараралық көпирди қурыў, глобал тынышлық ҳәм турақлылыққа үлес қосыў.

Бул ретки қурылтай бағдарламасынан да динниң глобал тынышлықты беккемлеўдеги орны, диний кеңпейиллик ҳәм экстремизмниң алдын алыў мәселелери орын алған. Сондай-ақ, санлы технология ҳәм жасалма интеллекттиң дин тараўына тәсирин көрип шығыў да айрықша әҳмийетке ийе.

Әнжуманды ашып берген Қазақстан жетекшиси дүньяда геосиясий жағдай кескинлесип, келиспеўшиликлер көбейип атырғанын атап өтти. Сондай-ақ, дүньядағы климат өзгериўи машқаласын көтерди.

– Тарийхый қәлиплескен кеңпейиллик, аўызбиршилик ҳәм ашық-айдынлық дәстүри бүгин халқымыздың тынышлық сүйер ҳәм норма тийкарындағы сыртқы сиясатында да сәўлеленбекте,-деди Қасым-Жомарт Тоқаев. – Бул сиясат исеним, қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў принципине тийкарланған. Бундай қәдирият барлық миллет ҳәм мәмлекетлер ушын әҳмийетли екенине исенемен.

Илажда дин тараўының жетекшилери, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери – Жәҳән ислам лигасының Бас хаткери шайх Муҳаммад ибн Абдулкарим Ал-Иса, Москва ҳәм пүткил Рус православ ширкеўиниң патриархы Кирилл, БМШ Бас хаткериниң исломофобия ҳәм антисемитизм мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили, Цивилизациялар альянсының жоқары ўәкили Мигель Анхель Моратинос та шығып сөйледи. БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш илаж қатнасыўшыларына видеомүрәжат жоллады.

Жалпы сессия жуўмағында Декларацияға қол қойылды. Халықаралық жәмийетшиликке бағдарланған бул стратегиялық ҳүжжет глобаллық машқалаларға итибарды қаратыў, халықлар арасында тынышлық, түсинисиў ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге жәрдемлесиўге қаратылған.

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзА