Өзбекстанда және еки жоқары билимлендириў орайының жумысы жолға қойылмақта

108

Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 8-сентябрьдеги «Алмалық мәмлекетлик техника институтын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары менен Ташкент мәмлекетлик техника  университети Алмалық филиалы негизинде Алмалық мәмлекетлик техника университети шөлкемлестирилмекте.

Усы филиалда оқып атырған барлық студентлер оқыўын институтта даўам еттиреди ҳәм 2025-2026-оқыў жылынан питкериўши курс студентлерине белгиленген тәртипте диплом бериледи.

Институтта  геология, металлургия ҳәм техникаға  қәнигелескен алдынғы инженерлик мектеби (“ГеоМетТех”)  шөлкемлестириледи. Бул мектепте билим алыў ушын академиялық көрсеткишлери жоқары студентлер таңлаў тийкарында таңлап  алынады ҳәм әмелиятқа бағдарланған арнаўлы  билимлендириў бағдарламалары тийкарында  оқытылады.

“ГеоМетТех” алдынғы инженерлик мектеби бағдарына сәйкес санаат бирге ислесиўшилери белгиленип, оларды техникалық ҳәм технологиялық жақтан  тәмийинлеў ушын заманагөй лабораториялар шөлкемлестириледи.

«Ташкент қаласында Н.Э.Бауман атындағы Москва мәмлекетлик техника университетиниң филиалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Президент қарары тийкарында болса Ташкент қаласында Н.Э.Бауман атындағы Москва мәмлекетлик техника университети филиалы  шөлкемлестириледи.

Филиалда инженерлик тараўында инновациялық қатнасларды қоллай алатуғын, терең илимий-техникалық билимлерге ийе болған жоқары маманлықтағы кадрлар таярланады. Инженерлик тараўында фундаментал ҳәм әмелий илимий-изертлеўлер өткериледи. Филиалда билимлендириў жумысы 2026-2027-оқыў жылынан басланады.

Студентлерди оқыўға қабыллаў мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады. 2025-2026-оқыў жылынан Москва мәмлекетлик техника университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик техника университети менен биргеликте магистратура қәнигеликлери бойынша биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары тийкарында кадрлар таярлаў жолға қойылады.

Питкериўшилерге Өзбекстанда жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын диплом бериледи.

Н.Абдураимова,

ӨзА