АҚШта “Жаңа Өзбекстан: Шавкат Мирзиёев жолы” китабының презентациясы өткерилди

АҚШ Конгрессиниң ең ири ҳәм әҳмийетли офис комплекслеринен бири – “Rayburn House Office Building” имаратында “Жаңа Өзбекстан: Шавкат Мирзиёев жолы” китабының презентациясы өткерилди.
Илаждың усы комплексте шөлкемлестирилгени бул презентацияға болған жоқары итибар ҳәм сиясий әҳмийетти және де арттырды. Соның менен бирге, Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары арасындағы сөйлесиўдиң ең жоқары институционаллық дәрежеде беккемленип атырғанынан дәрек бермекте.
Презентацияда Америка тәрепинен 70 тен аслам мийманлар – Мәмлекетлик департамент, Конгресс хызметкерлери, жетекши таллаў орайларының басшылары, бизнес, илим, мәденият ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Рәсмий бөлимди Өзбекстанның АҚШтағы Елшиси Фурқат Сиддиқов ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев ашып берди.
Олар өзлериниӊ шығып сөйлеўлеринде Президент Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде социаллық-экономикалық ҳәм демократиялық реформалардың жаңа дәўири әмелге асырылып атырғанын атап өтип, бул китап усы раўажланыў жолын өзинде аналитикалық сәўлелендиргенин атап өтти.
Сондай-ақ, Президент жанындағы Қәўипсизлик кеңеси хаткериниң биринши орынбасары, Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Элдор Арипов ҳәм сенатор Ҳусан Эрматов шығып сөйлеп, ҳәзирги күндеги реформалар системалы ҳәм кең көлемли характерге ийе екенин, олар мәмлекеттиң пүткиллей жаңа келбетин қәлиплестирип атырғанын атап өтти.
Илаж қатнасыўшыларына китаптың мазмуны ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Китап авторы – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясының баслығы Қудратилла Рафиқов ҳаққында сырт елли мийманларға мағлыўмат берилди. Китапта Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен кейинги сегиз жылда әмелге асырылған реформалардың тийкарғы бағдарлары ҳәм басқышлары сәўлелендирилген болып, олардың мәмлекеттиң экономикалық, социаллық ҳәм сиясий раўажланыўына тәсири талланған.
Сондай-ақ, шығып сөйлеген АҚШтың жетекши академиялық алмасыў мәкемелеринен бири есапланған “American Councils” президенти Лиза Чоат өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Президент Ш.М.Мирзиёев сиясатының тийкарғы принципи билимлендириў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў екенин атап өтти. Оның сөзлерине бола, соңғы жыллары бул тараўда мисли көрилмеген институционаллық ҳәм нызамшылық системасында өзгерислер әмелге асырылды. Соның менен бирге, Өзбекстан ҳәм АҚШ арасында халықаралық академиялық алмасыў сапа жағынан жаңа басқышқа шыққанын айтып өтти.
“Caspian Policy Center” аналитикалық орайының атқарыўшы директоры Эфган Нифти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде китап Өзбекстандағы реформалардың мәнисин тереңирек түсиниў имканиятын берип атырғанын атап өтти.
Ол Өзбекстан Басшысының демократиялық институтларды беккемлеў ҳәм жедел сыртқы сиясат жүргизиўге қаратылған ҳәрекетлери мәмлекеттиң халықаралық абырайын арттырыў, регионаллық бирге ислесиў ҳәм жақын қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыўға хызмет етип атырғанын атап өтти.
“Америка – Өзбекстан саўда палатасы” атқарыўшы директоры Елена Сон өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан Президентиниӊ басшылығында мәмлекет экономикасында әмелге асырылған кең көлемли өзгерислерди айрықша атап өтти. “Бизнес орталығын либералластырыў, инвестицияларды тартыў, еркин экономикалық зоналарды раўажландырыў, жоқары қунлы өнимлердиң экспортын кеңейтиў сыяқлы ҳәрекетлер миллий экономикаға жаңа нәпес бағышлады ҳәм оның дүнья базарына интеграцияласыўын жеделлестирди”, – деп атап өтти.
Бул болса Америка компаниялары ушын жаңа имканиятлар есигин ашып атырғаны, атап айтқанда, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы, мәлимлеме технологиялары ҳәм авиация тараўларындағы жойбарларға қызығыўшылық артып атырғанын айрықша атап өтти.
“Boeing” авиақурылыс корпорациясының сатыўлар бойынша директоры Марио Эбким Өзбекстан менен бирге ислесиўдиң стратегиялық әҳмийетине итибар қаратты.
Ол Президент тәрепинен транспорт инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм авиация тараўын раўажландырыўға қаратылған ҳәрекетлер жаңа жойбарларды әмелге асырыў, авиапаркти жаңалаў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў ушын үлкен имканиятлар жаратып атырғанын атап өтти.
«Diplomatic Watch» аналитикалық журналының атқарыўшы директоры Винсент Готевбе Президент Ш.М.Мирзиёев тәрепинен жаслар сиясатына берилип атырған тийкарғы әҳмийетти жоқары баҳалады. Оның пикиринше, Өзбекстанда жаслар мәмлекеттиң стратегиялық резерви сыпатында көрилмекте ҳәм бул тараўда әмелге асырылып атырған реформалар мәмлекеттиң турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўына исеним менен қараўға тийкар жаратады.
Презентация шеңберинде АҚШ рәсмийлери, экспертлер ҳәм бизнес ўәкиллериниң қатнасыўында мазмунлы сөйлесиў де болып өтти. Олар Өзбекстан Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийети ҳәм еки тәреплеме қатнасықларды және де тереңлестириў перспективалары бойынша пикир алысты.
Китаптың электрон нусқалары Конгресс, таллаў орайлары ҳәм Вашингтондағы сиясий қарар қабыл етиў процесслерине тәсир көрсете алатуғын топарларға кеңнен тарқатылды.
Илаж, сондай-ақ, Өзбекстанның АҚШтағы унамлы имиджин және де беккемлеў ҳәм халықларымыз арасындағы узақ мүддетли байланысларды раўажландырыўға хызмет ететуғын нәтийжели ғалаба дипломатия үлгиси сыпатында баҳаланды.
АҚШ Конгресси имаратында өткерилген “Жаңа Өзбекстан: Шавкат Мирзиёев жолы” китабының презентациясы мәмлекетимиз Басшысының басламалары менен әмелге асырылып атырған реформаларды додалаў ҳәм жоқары баҳалаў ушын әҳмийетли сөйлесиў майданына айланды.
ӨзА