Халықаралық экспертлер топары Нөкис мәмлекетлик техника университетинде болды

Нөкис мәмлекетлик техника университетинде коммерцияластырыў ҳәм стартап жойбарларды әмелге асырыў бойынша халықаралық экспертлер менен ушырасыў болып өтти.
Университет ректоры Батырбек Кайыпбергенов, Жәҳән раўажланыў банки консультанты, венчур архитекторы Сергей Макаров ҳәм технологиялық брокер, инновациялық экосистема архитекторы Ерболат Оразбек улы менен сәўбетлести.
Университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры Рашид Өтениязов, илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Махкам Артикбаев, Халықаралық бирге ислесиў бөлими баслығы Тимур Палванов, бөлим қәнигеси Дилбар Джуманиязовалар қатнасқан ушырасыў ашық сәўбет түринде болып өтти.

Онда илим ҳәм бизнес арасында тығыз байланысты жолға қойыў, ҳәр қыйлы бағдарларда стартапларды жаратыў, раўажландырыў ҳәм әмелге асырыўдың әҳмийети мийманлар менен кең түрде додаланды. Илажда инновациялық идеяларды қоллап-қуўатлаў механизмлери, өнимлерди базарға алып шығыў жоллары, жоқары билимлендириў мәкемелери, бизнес ҳәм венчур структуралары арасындағы бирге ислесиў имканиятлары бойынша пикир алысылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги