Нөкис районында 24/7 режиминде жумыс ислейтуғын саўда-кеўилашар орайы қурылмақта
114

Нөкис районы “Ақманғыт” посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши “Ақманғыт” каналы әтирапында халық ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде 24 саатлық (24/7) режимде жумыс ислейтуғын арнаўлы хызмет көрсетиў орны ҳәм “Халық сейили” саўда-кеўилашар орайының қурылысы әмелге асырылмақта.
Жойбар шеңберинде жәми 40 тан аслам саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Соның менен бирге, балалар ушын ойнаў майданшасы, Workaut ҳәм фонтан ҳәм басқа да бағдарлар бойынша хызмет көрсетиў орынларының шөлкемлестирилиўи режелестирилген.
Жойбарды әмелге асырыў ушын 6,6 миллиард сум қаржы қаратылған болып, ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары жедел пәтлерде даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги