Қолайлы исбилерменлик орталығы есабынан өткен сегиз жылда 700 мың исбилермен өзиниң турақлы бизнесине ийе болды

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде жети тийкарғы бағдарды өз ишине алған “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы әмелге асырылмақта.
Бәринен бурын, кәмбағал халықты тек ғана жумысқа жайластырыў емес, ал турақлы жумыс орынларын көбейтип, адамлар турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўы ушын шараят жаратылмақта.
Қолайлы исбилерменлик орталығы есабынан өткен сегиз жылда 700 мың исбилермен өзиниң турақлы бизнесине ийе болды.
– Итибарлысы, мәмлекет бизнеске шараят жаратып берип атыр, исбилерменлер болса өзине социаллық жуўапкершилик алып, мүтәж халықты жумыслы ҳәм дәраматлы етиўде жәрдемлеспекте. Мине, усындай нәтийжели бирге ислесиў себепли усы жылдың өзинде 270 мыңнан аслам кәмбағал шаңарақ ағзасы турақлы жумыслы болды, – деди Президент.
Елимизде кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың дәраматларын көбейтиў бойынша халықаралық шөлкемлер ҳәм абырайлы финанс институтлары менен жедел бирге ислеспекте. Бул бағдарда Ислам раўажланыў банки менен биргеликте аўылларда жасаў шараятын жақсылаў, жол қурылысы, медицина ҳәм билимлендириў хызметлерин кеңейтиў бойынша 5 миллиард долларлық жойбарлар айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
ӨзА