Әмиўдәрья районында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районында халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша үйрениў жумысларын алып барды.
Дәслеп Бештом мәҳәллеси аймағындағы «Amu karavan hotel» ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилген мийманхана хызмети жойбары көрип шығылып, республикамыз басышысына алдағы режелер таныстырылды.
Буннан соң Чойкўл АПЖ аймағындағы «Чойкўл Дўстлик» фермер хожалығы атыз майданында Қытай мәмлекетинен алып келинген пахта териў машинасының жумыс процеси, жаңа техниканың имканиятлары көзден өткерилди.
Сондай-ақ, республикамыз Басшысы «Бекман Аллаберганов» фермер хожалығының егислик майданындағы теримшилердиң жағдайынан да хабар алып, оларға ҳармасын айтты ҳәм алдынғы теримшилерге саўғалар тапсырды.
Соңынан Айбек мәҳәллесиндеги «Ойбек мебель» ЖШЖ тәрепинен жолға қойылған мебель ислеп шығарыў жойбары, «Yoqubboy Ashirov» фермер хожалығы тәрепинен Қытай технологиясы тийкарында иске түсирилген пахта, ғәлле ҳәм басқа да дәнли егин туқымларын қайта ислеў жойбары менен танысып, исбилерменлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, оларға жақыннан жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмаларды берди.
Сондай-ақ, Дўрмон аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Сайхунабад тәжирийбеси» тийкарында бир контур-бир өним өлшеми менен жаңадан шөлкемлестирилген ыссыханалардың жумысы да көзден өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районында әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткериў барысында, Қытай мәмлекетинен келген инвесторлардың шөлкемлестириўиндеги «EverPROSPER INVESTMENT CONSULTING» ЖШЖ тәрепинен «Жаңа Өзбекстан» массиви аймағында 600 квартиралы көп қабатлы турақ жайларды қурыў жойбарына старт берди.
Үйрениўлерден соң район ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Әмиўдәрья районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги белгиленген ўазыйпалар, әмелге асырылыўы тийис илажлардың ҳәм алдын берилген тапсырмалардың орынланыўына арналған мәжилис өткерилди.

Оған республикамыздың мәкеме, шөлкем ҳәм тийисли министрликлер, район жуўапкерлери, мәҳәлле белсендилери қатнасты.
Мәжилисте дәслеп, алдынғы мәжилис дәўиринде белгилеп берилген тапсырмалардың бүгинги күнде орынланыўы, мәҳәллелерди абат етиў, инфраструктура менен байланыслы машқалаларды шешиў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жойбарлардың әмелге асырылыўы, жаңа кәрханалардың жумысларын шөлкемлестириў, қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен ен жайдырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаў барысында ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери сын көз-қараста көрип шығылды.

Соның менен бирге, пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына жәрдем бериў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, кәрханалар жумысларына жақыннан жәрдем бериў, банк хызметлерин ҳәм базар инфраструктурасын жақсылаў бойынша да тапсырмалардың орынланыўы мәселелери де талқыланды.
Мәжилисте бул жумысларды әмелге асырыўда айырым жуўапкерлердиң өз ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарап атырғаны сынға алынып, кемшиликлер атап өтилди. Соның менен бирге, өз ўазыйпасын атқарыўда қәте-кемшиликлерге жол қойған айырым жуўапкерлерге интизамий жаза-шарасын қолланыў, зәрүр болса, лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги