Жыл жуўмағы менен жан басына дәрамат 3,5 мың долларға жетиўи күтилмекте

82

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған избе-из реформалар себепли 7,5 миллион халық кәмбағаллықтан шығарылып, кәмбағаллық дәрежеси 2024-жылы 8,9 процентке түсирилди. Жылдың ақырына шекем оны 6 процентке шекем азайтыў мақсет етилген.

Бундай нәтийжеге ерисиўде өткен дәўирде Өзбекстан экономикасы 2 есеге өскени, жылдың жуўмағы менен жан басына дәрамат 3,5 мың долларға жетиўи әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Президентимиздиң атап өткениндей, жаңа баслама ҳәм тәжирийбелерди сынақтан өткерип, дүньядағы унамлы жетискенликлерди үйренип, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Жаңа Өзбекстан модели жаратылды.

Бәринен бурын, өтиў дәўириниң әҳмийетли инструменти болған мәнзилли социаллық дәптерлер енгизилип, барлық жәрдемге мүтәж шаңарақлар қамтып алынды.

Мәселен, пандемия дәўиринде 800 мың шаңараққа бийпул дәри-дәрмақ, 255 мың шаңараққа азық-аўқат өнимлери, және 1 миллион 200 мың шаңараққа социаллық напақалар берилди.

Нәтийжеде 5 миллион 200 мың адам “кәмбағаллық қақпаны”на түсип қалыўдан қорғап қалынды ҳәм  соның менен бирге, экономикалық рецессияның алды алынды.

ӨзА