«Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» анықланды

118

Қараөзек районында мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери арасында «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» Республикалық таңлаўының районлық басқышы болып өтти.

Таңлаўға мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери қатнасып, белгиленген шәртлер бойынша өз-ара беллести.

Оғада қызықлы өткен таңлаў соңында Есим мәкан пуқаралар жыйынының ҳаял-қызлар белсендиси, Салтанат Даўишбаева «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» деп табылып, таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Жарыс жуўмағында, таңлаўға белсене қатнасқан ҳаял-қызларға  район ҳәкимлигиниң диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги