Наманган – үлкен дөретиўшилик майданы, турақлы раўажланыў жолына түсип алған аймақ

Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы ҳәм халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде 16-сентябрь күни Наманган ўәлаятына келди.
Аймақтағы дөретиўшилик пәти қала дәрўазасы – аэропорттан-ақ көзге тасланады. Бул жерде 140 миллион доллар инвестиция есабынан жаңа терминаллар қурылмақта.
Мәмлекетимиз басшысының ўәлаятқа өткен жылғы сапары ўақтында бул жойбар таныстырылған еди. Бүгинги күнде қурылыс жумыслары жедел.
Ҳәзирги аэропорт туристлер ағымына кишилик етип атыр. Үш қабатлы етип қурылып атырған жаңа терминалда жолаўшы тасыў қуўатлылығы 2,5 есеге артады. Шегара қадағалаўы ҳәм виза бөлимлери, бизнес зал, саўда ҳәм аўқатланыў шақапшалары, медицина ханасы, Duty free дүканлары заманагөй шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, аэропортта үлкен жүк терминалы қурылмақта. Ол күнине 50 тонна жүк тасыў ҳәм 90 мәмлекетке экспорт етиў имканиятын береди. Ең әҳмийетлиси, бул арқалы ойпатлықта бирден-бир карго системасы жаратылады. Аймақтың бизнес, экспорт ҳәм транзит потенциалы артады.
Мәселен, быйыл Наманган ўәлаятына 1,5 миллион сырт ел ҳәм 2 миллионнан аслам жергиликли туристлерди тартыў, хызметлер экспортын 210 мың долларға жеткериў режелестирилген. Әндижан ҳәм Ферғана ўәлаятларының экспорты да артып бармақта.
Аэропортта арнаўлы сервис техникалары да жаңаланады. Бул ҳәр қыйлы көлемдеги самолётларды қабыл етиў ҳәм оларға хызмет көрсетиў имканиятын береди. Сондай-ақ, кейтеринг, жанылғы қуйыў комплекси ҳәм басқа да хожалық имаратлары қурылады. Жаңа терминаллар келеси жылы иске қосылыўы нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы аэропорт әтирапындағы инфраструктураны оған сәйкес раўажландырыў бойынша көрсетпелер берди. Дүньяның алдынғы тәжирийбесиндегидей, аэропорт әтирапында мийманханалар, саўда ҳәм кеўилашар комплекслер, барлық заманагөй хызметлер болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Автомобиль турыў орны ҳәм сервис объектлерин шөлкемлестирип, мийманлар ушын қолайлықларды кеңейтиў ўазыйпасы қойылды.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Чуст районындағы “Мегатон” кәрханасының газ-бетон блогын ислеп шығарыў комплексинде болды.

Халықтың саны өсип, урбанизация кеңейип атырғаны сапалы қурылыс материалларына талапты жылдан-жылға арттырмақта. Мәмлекетимизде қурылыс материаллары тармағы соған жараса жедел раўажланбақта. Заманагөй технологиялар алып келинип, жоқары нәтийжели өнимлер өзлестирилмекте.
“Наманган” еркин экономикалық зонасында жайласқан, “Туранбанк” тәрепинен қаржыландырылған газоблок кәрханасы солардың бири. 40 миллион долларлық бул жойбар шеңберинде Қытай, Германия, Дания сыяқлы мәмлекетлерден инновациялық технологиялар алып келинип орнатылған. Сонлықтан, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасы ҳәм нәтийжелилиги жоқары.
Мәселен, Германия технологиясы энергияны үнемлеўди тәмийинлейди. Бундай газоблоктан қурылған имаратты сыртқы изоляциялаў шәрт болмайды, ишки ыссылық ҳәм салқынлық төрт есе аз шығынға ушырайды. Нәтийжеде электр энергиясының қәрежети 45 процентке шекем қысқарады.
Өндиристе “Мегатон” кәрханасына қараслы “Наманган цемент”тиң 550 маркалы цементинен пайдаланылады. Бул арқалы қосымша қун шынжыры жаратылған. Кәрханада 500 жаңа жумыс орны ашылған.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги жумыс процесин, лаборатория ҳәм өнимлерди көзден өткерди. Жуўапкерлер өнимниң сапасы, ыссы ҳәм суўыққа шыдамлылығы ҳаққында мағлыўмат берди.
– Қурылыс санаатымыз заман талабына бейимлесип, сапалы өнимлер ислеп шығарылып атырғаны жақсы, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Бундай инновациялық технологияларды импорт үлеси жоқары болған басқа тармақларда да қолланыў керек. Сонда базарда бәсеки, қарыйдарлардың таңлаўы болады, орынларда жумыс орны көбейеди. Оның ушын излениўшең исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўды даўам еттиремиз.
Бул кәрханада жылына 600 мың метр куб өним ислеп шығарылады. Бул ўәлаятта гербишке болған талаптың 28 процентин қаплаўы күтилмекте.
Жойбардың екинши басқышында автоклав газоблок дийўалы, арнаўлы желим, химиялық араласпа ҳәм сыбаўларды локализациялаў режелестирилген.
Президент Шавкат Мирзиёев Жаңа Наманган районында қурылған “Тараққиёт” санаат ҳәм сервис зонасындағы жойбарлар менен танысты.

Мәмлекетимизде исбилерменлерге мүнәсип шараят жаратыў, экономика тармақларын диверсификациялаў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде орынларда технопарк ҳәм киши санаат зоналары шөлкемлестирилмекте. Наманган ўәлаятында бүгинги күнде 1,5 мың гектар майданда 73 санаат зонасы бар.
Буның нәтийжелери Жаңа Наманган районындағы Соҳил мәҳәллесинде де айқын көзге тасланбақта. Бурын исбилермен ҳәм өнерментлер өз үйлеринде шекленген шараятта ислеген болса, енди заманагөй инфраструктураға ийе бир пүтин комплексте жумыс алып бармақта.
“Ғиждуўан тәжирийбеси” тийкарында 10 гектар майданда шөлкемлестирилген бул зонада 113 жойбар жайластырылған. Олардың турақлы ислеўи ушын бюджет есабынан электр энергиясы, ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары, ишки жоллар сыяқлы зәрүр инфраструктура қурылған.

Нәтийжеде жылына 500 миллиард сумлық өним ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў қуўатлылығы пайда болды, 4 мың 800 жаңа жумыс орны жаратылды. Қоңсылас мәҳәллелерден 170 исбилермен тартылғаны, 350 ден аслам шаңарақта кооперация тийкарында өним ислеп шығарыў жолға қойылғаны халықтың экономикалық белсендилигин және де арттырмақта.
Және бир әҳмийетли тәрепи, бул жердеги таяр үскене ҳәм әмелияттан пайдаланып, жумыссыз пуқараларды кәсип-өнерге қайта оқытыў имканияты бар. Бул жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты азайтып, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиўши сервис орайларының жумысын көзден өткерди, усталар менен сәўбетлести.
– Мәмлекетимизде жаңадан-жаңа автомобиль заводлары иске қосылмақта. Адамлардың дәраматы артып, машиналар көбеймекте. Бирақ сервис бойынша еле имканият көп. Мәселен, сырт ел автомобильлерине хызмет көрсетиў жетерли дәрежеде емес. Оны системалы жолға қойыў арқалы халықтың бәнтлигин ҳәм хызмет сапасын тәмийинлеў мүмкин, – деди Шавкат Мирзиёев.
Сонлықтан, бундай сервис орайларын басқа районларда да шөлкемлестириў, маман усталарды таярлаў бойынша көрсетпелер берилди.
Президент санаат зонасында ислеп шығарылып атырған мебельлер көргизбеси менен де танысты. Жергиликли санаатты раўажландырып, исбилерменлердиң жумысын кеңейтиўди қоллап-қуўатлаў, жаслардың тәжирийбе арттырып, жумыс табыўына жәрдемлесиў ўазыйпалары қойылды.
Бундай комплекслерде инсанды қәдирлеў бойынша да заманагөй қатнаслар болыўы керек екенлиги атап өтилди. Өрт қәўипсизлиги ҳәм техникалық қәўипсизликти тәмийинлеў, мийнет пенен бирге хызметкерлердиң дем алыўы ушын да қолайлықлар жаратыў әҳмийетли екенлиги айтылды.
Cоӊ Президент Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаяты Чортоқ районындағы “Айқыран-1” насос станциясын көзден өткерди.

Үлкен Наманган магистраль каналында жайласқан бул насос арқалы 815 гектар жер суўғарылады. Бирақ агрегатлар гөнерип кеткени себепли нәтийжелилик төмен, ысырапгершилик көп еди. Соның ишинде, ҳәр жылы шама менен 6 миллион киловатт-саат электр энергиясы жумсалатуғын еди.
Исбилермен тәрепинен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бул жерге энергия үнемлеўши агрегат ҳәм заманагөй үскенелер орнатылды. Жаңаланған система жылына қырқ процентке шекем электр энергиясын үнемлеў имканиятын бермекте.
Үнемлилик пенен бирге жаңа насослардың суў шығарыў қуўатлылығы да жоқары. Бул болса атызларды суўғарыў көлемин арттырып, зүрәәтлиликти жақсылаўға хызмет етеди.
Ўәлаятта еки жүзден аслам насос станциясы бар. Олардан 43 и “Наммоторс суў тәмийнат” кәрханасына мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 10 жыл мүддетке басқарыўға берилген. Бул процесске 40 миллиард сумлық инвестиция қаратылған. Қурылмаларға орнатылып атырған насос агрегатлары локализацияланған.
Мәмлекетимиз басшысы еки жыл ишинде “Айқыран-1” тәжирийбеси тийкарында ўәлаяттағы барлық насос станцияларын модернизациялаў, оны мәмлекеттиң басқа аймақларында да басқышпа-басқыш әмелге асырыў бойынша тапсырма берди.
Тек ғана технологияларды жаңалаў менен шекленип қалмастан, оларды маманлық пенен басқарыў ҳәм дурыс пайдаланыў да әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Илим ҳәм билим менен ис жүргизилсе, модернизацияның экономикалық нәтийжеси жоқарылайды. Аўыл хожалығында өнимдарлық артып, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм халықтың турмыс дәрежеси жақсыланады.
Жуўапкерлер келешекте 750 ден аслам фермер хожалықларына қуяш панельлери арқалы ислейтуғын киши насослар ҳәм тамшылатып суўғарыў системаларының енгизилетуғыны ҳаққында мағлыўмат берди.
Мәмлекетимиз басшысы Наманган қаласында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилген “Фирдавс” күндизги тәрбия орайын барып көрди.

Мәмлекетимиз Конституциясы, халықты социаллық қорғаў стратегиясы тийкарында инсанды қәдирлеў көлеми кеңейди, бул тараўдағы хызметлер мүтәжлерге жақынластырылмақта. Атап айтқанда, усы жылдың март айынан баслап Өзбекстанда майыплығы болған балалар ушын күндизги тәрбия хызмети жолға қойылды. Бундай жойбарлар жеке меншик шериклик тийкарында, мәмлекет тәрепинен субсидия арқалы әмелге асырылмақта.
Исбилермен Сайёра Қосимова тәрепинен шөлкемлестирилген “Фирдавс” күндизги тәрбия орайы солардан бири. Орай 36 орынға мөлшерленген болып, арнаўлы билимлендириў ҳәм реабилитация хызметлери көрсетиледи. Балалар күн даўамында тоғыз саатлық индивидуал оқыў-тренинг бағдарламалары менен қамтып алынады. Сабақларды тәжирийбели невропатолог, дефектолог, сурдолог, аудиолог, педагог ҳәм психологлар алып барады.

Бул хызметтен пайдаланып атырған аналар перзентлерине меҳири ҳәм ғамхорлығы ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди. Олардың айтыўынша, алдын бундай балалар тек үйде отыратуғын, жәмийеттен ажыралып қалатуғын еди. Жаңа социаллық қорғаў системасы себепли енди олар да “жарықлыққа” шығып атыр. Майыплығы болған балалар инклюзив билимлендириўге, қызықлы сабақ ҳәм шынығыўларға тартылып, турмыслық көнликпелерди үйренбекте. Бул майып перзенти бар шаңарақлар ушын оғада үлкен қоллап-қуўатлаў ҳәм тәселле болып есапланады.
Президент елимизде ҳеш ким итибардан шетте қалмайтуғынын, бундай социаллық жойбарлардың көлеми кеңейтилетуғынын атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги “Faol hayotga qadam besh xizmat” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен де танысты.
Орай усы жылы исбилермен Хосият Ортиқованың жеке қаржысы есабынан шөлкемлестирилген. Бул жерде басқалардыӊ күтимине мүтәж шахслар ушын заманагөй қолайлықлар, медициналық ҳәм реабилитациялық хызметлер жолға қойылған. Орай 16 орынға мөлшерленген.

Бул жерде медицина қәнигелери тәрепинен индивидуал бағдарламалар тийкарында ҳәр күни 8 саатлық шынығыў өткериледи. Олар адамлардың денсаўлығын тиклеў, функционаллық имканиятларын арттырыў ҳәм жәмийетлик турмысқа қайтарыўға жәрдем береди.
Әҳмийетлиси, өткен дәўир даўамында әмелге асырылған емлеўлер нәтийже бере баслады. Атап айтқанда, сегиз шахстың өзине-өзи хызмет көрсетиў дәрежеси жақсыланды, бесеўиниң шаңарақ ағзасы жумысқа жайласты.
“Жедел турмысқа қәдем” бағдарламасы ҳәм күндизги тәрбия инсанларға саламат турмысқа қайтыў, шаңарақларға болса экономикалық ҳәм социаллық имканиятларды арттырыў мүмкиншилигин бермекте. Бул хызметлер арқалы тек ғана наўқаслардың өмиринде емес, ал олардың шаңарақларында, жәмийетте унамлы өзгерислер бақланбақта.
Бул тараўдағы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бағдарламасына республика бойынша 600 исбилермен қосылған болып, олардың 46 сы Наманган ўәлаятында жумыс алып бармақта. “Жедел турмысқа қәдем” бағдарламасы менен елимиздеги басқалардың күтимине мүтәж 24 мың пуқара, күндизги тәрбия хызмети менен 3 мыңға шамалас майыплығы болған балалар қамтып алынған.
Президент Шавкат Мирзиёев Нарын районындағы “Фишвел Норин” кәрханасының жумысы менен танысты.

Балықшылық ҳәм халықтың саламатлығы, ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигинде әҳмийетли орын ийелейди. Балықтың мол болыўы басқа гөш өнимлериниң баҳасына унамлы тәсир етеди. Оны шаңарақларда бағыў шаңарақларға қосымша дәрамат келтиреди.
Мәмлекетимизде балықшылық тармағын раўажландырыўға әне, усы жағынан қатнас жасалмақта. Суўы мол районларда инвестиция ҳәм кооперациялық жойбарлар жедел қоллап-қуўатланбақта.
“Фишвел Норин” кәрханасы 3 миллион доллар есабынан усындай жойбарды баслаған. Еки гектардан аслам аймақта 76 инновациялық бассейн шөлкемлестирилген. Ҳәзирги күнде соннан 40 ы иске қосылған болып, супер интенсив усылда форель балығы жетистирилмекте. Улыўма етип айтқанда, бул жерде жылына 2 мың тонна гөш жетистирип, 5 миллион долларлық экспорт етиў мөлшерленген.

Әҳмийетлиси, кәрхана жергиликли халықты балық жетистириўге үйретпекте. Хожақорғанша мәҳәллесиндеги 25 шаңарақ кластер менен кооперация ислеп, ҳәр бири жылына 150 миллион сумға шекем дәрамат алып атыр.
Оны және де кеңейтип, Нарын ҳәм Үшқорған районларындағы 100 шаңарақты балықшылыққа тартыў режелестирилген. Соның ишинде, 2 мың тоннадан 500 тоннасы шаңарақларда жетистириледи. Нәтийжеде 300 ден аслам адам жумыс пенен тәмийинленеди.
Балықшылықтың раўажланыўы және бир бағдарды пайда етти – кәрхана жанында заманагөй ресторан да қурылды. Онда балықтан ҳәр қыйлы тағамлар таярланып, мийманларға усынылады. Бул туризм ҳәм басқа да хызметлердиң кеңейиўине де үлес қоспақта.
Президентимиз жуўапкерлерге республика бойынша форель жетистириў мүмкин болған районларды анықлап, бул системаны ғалаба ен жайдырыў бойынша көрсетпелер берди. Нидерландиялы бирге ислесиўшилер менен балық азықлығын ислеп шығарыў, Нарындағы тик қудықлар жанында жасалма ҳәўизлер орнатып, халыққа бөлип бериў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Ҳәзирги ўақытта Наманган ўәлаятында мелиоративлик қудықлар әтирапында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында және 34 интенсив бассейн қурылған. Және бир тәрепи сонда, балық бағылған суў минералларға байығаны есабынан аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде қолланылмақта. Онда сырт елли қәнигелердиң тәжирийбесине сүйенилмекте.
Бул жерде мәмлекетимиз басшысына “Реформалар штабы”ның жумысы бойынша мәлимлеме берилди. Атап өтилгениндей, исбилерменлер менен биргеликте 1 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта. Олардың нәтийжесинде жәми 12 мың жумыс орны, бюджетке қосымша 200 миллиард сум түсим, 160 миллион доллар экспорт дәреги пайда болады.
Соның ишинде, усындай мәнзилли жумыслар арқалы Мыңбулақ ҳәм Нарын районларының экономикасын жақсылаў нәзерде тутылған. Халыққа таяр жойбарлар берип және кәсипке бағдарлап, бәнтлигин тәмийинлеў илажлары белгиленген.
Президентимиз Нарын районындағы “Расулов Ғофуржон ўғли Баҳодир” фермер хожалығының атызында да болып, пахта теримин көзден өткерди. Бул жерде сырт ел ғаўаша сорты егилип, жоқары зүрәәт жетистирилген. Химиялық қайта ислеўге ушыўшысыз аппаратлар, теримге заманагөй машиналар тартылған. Олардың жәрдеминде пахта зая болмай, таза терилип атыр.
Наманган ўәлаятына сапары ўақтында мәмлекетимиз басшысы Нарын районындағы Шорариқ мәҳәллесинде де болды.
Мәҳәллениң шараяты аўыр. Ишки жоллар оңлаўға мүтәж, көше шырақлары ҳәм лотоклар жоқ. Бул жерде 5 мыңнан аслам халық жасайды. 62 кәмбағал шаңарақ, 118 жумыссыз бар, 157 адам миграцияда.
Негизинде, районлараралық жол бойында жайласқан мәҳәлледе исбилерменлик, саўда ҳәм хызметлерди раўажландырыў бойынша имканият көп. Бос турған имаратларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қуўатлылыққа киргизиў мүмкин.
Президентимиз аймақтағы машқалалар бойынша халықтың пикирлерин тыңлады.
– Енди бул мәҳәллени түп-тийкарынан өзгертип, “Жаңа Өзбекстан” нәпесин алып келемиз. Көшелер абат етилип, келбети жаңаланады. Адамлардың жасаўы, сейил етип, балалары менен дем алыўы ушын мүнәсип шараятлар болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жуўапкерлерге мәҳәллени үлги етиў бойынша көрсетпе берилди. Соның ишинде, оған қала орталығын алып кириў ҳәм исбилерменлик ушын шараятларды жақсылаў бойынша мастер-реже ислеп шығылады. Оның тийкарында орынлар таяр жойбар ҳәм инфраструктура менен интакерлерге усыныс етиледи. Нәтийжеде мәҳәллениң потенциалы артып, әтираптағы 5 мәҳәлле ушын орайға айланады.
Заманагөй мәҳәлле гүзары ҳәм сейил етиў орны қурылады, балалар ҳәм спорт майданшалары, китапхана, кәсип ҳәм тил үйретиў орайы, банк шақапшасы шөлкемлестириледи. Мектеп ҳәм бақшалар мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы шеңберинде капитал оңланады. Көшелер асфальтланып, саяманлы ҳәм мийўели тереклер, гүл нәллери егиледи. Гөнерген ҳәм өнимдарлығы төмен бағлар толық жаңаланады. Социаллық шәртнама тийкарында адамлар өз үйлерин тәртипке келтиреди.
Улыўма, пүткил мәмлекетимизде төменги системада жумысларды “жанландырыў” бойынша қарар ислеп шығылып атырғаны айтылды. Район ҳәм мәҳәллелерге жаңаша көринис алып кириў ушын бюджеттен жәми 5 триллион сум ажыратылады. Соның ишинде, Наманганда Касансай ҳәм Нарын районларына 100 миллиард сумнан, қалған районлардың екеўден “аўыр” мәҳәллесине болса 5 миллиард сумнан қаратылып, оларды мийнетте үлгили, турмыста абадан, исбилерменликте жетекши аймаққа айландырыў илажлары көриледи.

Өткен жылы 25-март күни мәмлекетимиз басшысы Наманган ўәлаятында жаңа электр станцияларының қурылысын баслап берген еди. Бүгин олардан бири – Нарын ГЭСлер каскадының дәслепки басқышы иске қосылды.

Президент Шавкат Мирзиёев ўәлаятқа сапары ўақтында усы энергетика объектин барып көрди.
Мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў миллий экономиканың турақлылығын тәмийинлеўде стратегиялық бағдар сыпатында белгиленген. Соңғы жыллары Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд ҳәм Сурхандәрьяда оннан аслам қуяш ҳәм самал электр станциясы иске қосылды. Соның менен бирге, бир қатар аймақларда 450 мегаваттлы гидроэлектр станциялары пайдаланыўға тапсырылды.
Ҳәзирги ўақытта “Өзбекгидроэнерго” акционерлик жәмийети тәрепинен Нарын дәрьясында 6 ГЭС каскадының қурылысы басланған. Жойбардың улыўма баҳасы 428 миллион доллардан аслам, улыўма қуўатлылығы 228 мегаватт болады.
Биринши басқышта ГЭС-1 иске қосылды. Ең әҳмийетлиси, ол толық жергиликли өним ҳәм үскенелер тийкарында қурылды. Усы мәнисте, оны мәмлекетимиздеги “биринши миллий ГЭС” деп атаў мүмкин.
ГЭС-1 жыллық 171 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарыў имканиятына ийе. Бул жерде 130 жаңа жумыс орны жаратылады.
Жойбар нәтийжесинде 430 мың шаңарақ электр энергиясы менен тәмийинленеди, жылына 290 миллион куб метр газ үнемленеди. Бул экономика ушын дерлик 300 миллиард сум муғдарында қосымша пайда дегени. Усы жағынан “Нарын ГЭСлер каскады” тек ғана энергетикалық емес, ал социаллық ҳәм экономикалық әҳмийетке ийе.

Өзбекстан гидроэнергетикасы тарийхында биринши мәрте усы жойбар шеңберинде горизонталь капсула түриндеги гидроагрегатлар енгизилди. Олар киши басым шараятында да жоқары нәтийжелилиги менен ажыралып турады ҳәм миллий гидроэнергетика тараўында жаңа басқышты баслап бермекте.
ГЭСте суўды иркиўши қурылма да қурылды. Сондай-ақ, аймақта ҳәкимшилик ҳәм хызмет имаратлары, диспетчерлик пункти қурылды. Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм аймақты абаданластырыў мақсетинде 6 мың түп саяманлы терек егилди, келеси бәҳәрде және 7 мың түп мийўели нәл егиў режелестирилген.
Усы тәреплери менен бул жер тек ғана энергетика емес, ал экотуризм ҳәм рекреация орнына да айланады.
Улыўма, Нарын ГЭСлер каскады – жасыл экономиканы раўажландырыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғын стратегиялық жойбар болып есапланады. 2026-жылы екинши ҳәм үшинши, 2027-жылы қалған станциялар да иске қосылады. Ҳәр бир станцияның қуўатлылығы 38 мегаватт болып, олардың жумысында қосымша жумыс орынлары жаратылады.
Энергетика системасындағы бундай ири жойбарлар халықты турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў, санаат тармақларын үзликсиз ислетиў ҳәм экономикалық нәтийжелиликти арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Бул жерде Президент Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаятын экономикалық-социаллық раўажландырыў илажларын додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Аймақта әмелге асырылған салмақлы жумыслар экономиканың раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығында көринбекте. Кейинги сегиз жылда ўәлаятқа 7 миллиард доллар сырт ел инвестициясы киргизилген, 8 мыңға шамалас жаңа кәрхана иске қосылған. Экспорт етилип атырған өнимлердиң түри 2 есеге көбейип, 1 мыңнан артқан.
Мийнетке жарамлы халықтың 82 проценти киши бизнес ҳәм исбилерменлик арқалы күн көрмекте. Халықтың реал орташа дәраматы 3 есеге артты. Әҳмийетлиси, бундай өзгерислерди наманганлылар өзиниң күнделикли турмысында сезинбекте.
Мәжилисте бул пәтти даўам еттирип, нәтийжелиликти және де арттырыў имканиятлары талланды. Атап айтқанда, жылдың ақырына шекем 4 миллиард 200 миллион доллар инвестиция алып келиў, экспортты 1 миллиард долларға жеткериў, 323 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў, 26 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў ўазыйпасы атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәллелерди абат етиў бойынша әҳмийетли басламаны алға қойды. Оған бола, елимизде “Раўажланыў ҳәм жетекшилик мәканы” бағдарламасы әмелге асырылады. Бул бағдарламаға Ферғана, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы 4 еўден, қалған аймақлардағы 2 еўден район, сондай-ақ, республика бойынша ең “аўыр” 328 мәҳәлле киргизиледи.
Қысқа ўақыт ишинде Наманганда кәмбағаллық 2,5 есеге азайған. Исбилерменлик жойбарларының көбейгени, орташа айлықтыӊ артқаны есабынан еки жылда миграциядағы 62 мың адам қайтқан.
Реформалар штабына ўәлаяттағы сулыў орынлар бойынша мастер-реже ислеп шығып, әмелге асырылатуғын жойбарлар есабынан кейинги жылы 50 мың адамды жумыслы ҳәм дәраматлы етиў тапсырылды. Поп, Тўрақўрғон, Уйчи, Учқўрғон ҳәм Чусттан өткен дәрья ҳәм сай аңғарларының 40 километр бөлегинде де 650 сервис объектин қурып, 10 мың адамды дәраматлы етиў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.
Бүгинги күнде ўәлаят санаатының үштен бир бөлеги, экспортының ярымы тоқымашылық тараўына туўра келеди. Наманганлы исбилерменлер бренд пенен ислесиў бойынша республикада жетекши.
Инвестиция алып келиў ҳәм брендлер менен бирге ислесиўди кеңейтиў ушын бир айда ўәлаятта өз алдына жойбарлаў офиси ашылады. Халықаралық сертификат алған текстиль кәрханалары 50 ге жеткериледи.
Жуўапкерлерге жылдың ақырына шекем Варшава ҳәм Лондонда кеминде 1 мың квадрат метрлик саўда үйлерин шөлкемлестириў тапсырылды. Улыўма етип айтқанда, ўәлаятта быйыл тоқымашылық өнимлериниң экспортын 500 миллион долларға жеткериў, еки жылда 1 миллиард долларлық 25 ири жойбарды иске қосыў мүмкин екени атап өтилди.
Жыл басынан берли ўәлаятқа 1 миллион 200 мың сырт ел, 2 миллион жергиликли турист келген, туризм экспорты 200 миллион доллардан артқан.
Соған сәйкес түрде туризм инфраструктурасын да раўажландырыў керек. Бирақ Намангандағы ең тартымлы аймақлардан бири – Чартақ районының имканиятлары толық иске қосылмай атыр. Туристлер ушын онлайн мағлыўмат алыў, орынды алдыннан бәнт етиў, мәдений дем алыў сыяқлы әпиўайы хызметлер де жолға қойылмаған.
Соның ушын Чартақ жыл даўамында хызмет көрсететуғын ойпатлықтың туризм хабына айландырылатуғыны айтылды. Бундай жойбарлар инфраструктурасы ушын 50 миллион доллар ажыратылады.
Жәҳән банки менен Орта қалаларды раўажландырыў жойбары шеңберинде быйыл “Фурқат” бағы реконструкцияланып, аймағы дерлик 2 есеге кеңейтиледи. Чартақсай бойлап 11 километр узынлықта пиядалар ҳәм велосипед жоллары қурылады.
Жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Чартақсай ҳәм Үлкен Наманган каналының жағаларының 7 километри бетонластырылып, 30 гектар жер пайдалы майданға айландырылады. Бул жердеги көп жыллық бағлар менен үйлескен ҳалда санаторий типиндеги ири сервис объектлери қурылады.
“Чартақ” суў сақлағышы әтирапында туризм комплекси, мийманхана, ресторан, дем алыў ҳәм кеўилашар орынлар шөлкемлестириледи. Поп районындағы Арашан көли әтирапында 1 мың 200 гектар майданда жылына 1 миллион туристти қабыллайтуғын ири туризм комплекси қурылады.
Тараў ушын кадрлар таярлаў мақсетинде кейинги оқыў жылынан Австрияның Кремс университети менен Наманган мәмлекетлик университетинде биргеликтеги факультет шөлкемлестириледи.
Президентимиз социаллық инфраструктураны раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Үйши, Үшқорған ҳәм Нарын районларын ўәлаят орайы ҳәм басқа да районлар менен байланыстыратуғын тийкарғы жолда тығылыслық болып киятырған еди. Сол себепли, 63 миллиард сум есабынан Нарын дәрьясы үстинен 480 метр узынлықтағы жаңа көпир қурылмақта.
Сондай-ақ, Қарадәрья үстинде 63 жыл алдын қурылған Наманган ҳәм Әндижан ўәлаятларын байланыстырыўшы 180 метрлик ески көпирди реконструкциялаў басланды. Буның нәтийжесинде транспорт қатнаўы 2 есеге артады, жолға кететуғын ўақыт 1,5 есеге қысқарып, тығылыслық азаяды. Бул көпирлер келеси жылы иске түсириледи.
Ўәлаят орайын пайтахт пенен байланыстыратуғын, күнине 15 мың транспорт ҳәрекетленетуғын “Пунгон – Наманган” жолының 75 километри реконструкцияланады. Бул жол 246 миллион доллар есабынан 4 полосалы, бетон қапламалы етип қурылады.
Ўәлаяттағы 30 мәҳәллеге орайласқан ишимлик суўы жетип бармағаны, тармақлардың 21 проценти оңлаўға мүтәж екени көрсетип өтилди. Канализацияға байланыслы мәселелер бойынша да мүрәжатлар көп.
Соның ушын быйыл ўәлаятта суў системасын жақсылаўға 800 миллиард сум ажыратылды. Жуўапкерлерге жылдың ақырына шекем 130 километр суў ҳәм канализация тармағы, 11 суў объектиниң қурылысын жуўмақлап, пайдаланыўға тапсырыў ўазыйпасы қойылды.
Наманган қаласының халқын ишимлик суўы менен тәмийинлейтуғын 70 жыл бурын қурылған “Курашхана” суў имараты бүгинги күнде 50 проценттен аз қуўатлылықта ислемекте. Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен биргеликте бул имарат реконструкцияланатуғыны белгиленди.
Жақында Наманган халқы бир миллионлы қалаға айланады. Бул шараятта бақшаларды көбейтиў оғада әҳмийетли екени атап өтилди.
Бул бағдарда исбилерменлерге бир қатар жеңилликлер жәрияланған еди. Олардан үнемли пайдаланып, Наманган қаласында быйыл 5 мың, келеси жылы 15 мың орынлық бақша шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ўәлаяттағы 49 техникумда сырт ел стандартлары ҳәм дуал билимлендириў енгизилетуғыны айтылды.
Соңғы үш айда “Жедел турмысқа қәдем” бағдарламасы шеңберинде 3 мыңға шамалас жәрдемге мүтәж инсанларға қараў хызмети жолға қойылды. Нәтийжеде усыныӊ менен бәнт болған 350 адам жумысқа жайластырылды. Социаллық қорғаў миллий агентлигине енди деменция ҳәм Паркинсон менен аўырған адамлар ушын да қараў хызметин жолға қойыў тапсырылды.
– Бүгин сизлер менен қала ҳәм районларды раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў бойынша жаңа шеклерди белгилеп алдық. Егер биз бирлессек, буннан да үлкен нәтийжелерге ерисе аламыз. Жумыстың көзин билетуғын, исбилермен ҳәм мийнеткеш наманганлылар менен ўәлаятты елимиздиң ең абат ҳәм абадан аймақларынан бирине айландырамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте белгиленген ўазыйпалар бойынша аймақ ҳәм тармақлардың басшылары мәлимлеме берди, исбилерменлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен сөйлесиў болды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Наманган ўәлаятына сапары даўам етпекте.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Абдулазиз РУСТАМОВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары