Өзбекстанның БМШ ҳәм оның структуралары менен бирге ислесиўи аўызбиршиликке тийкарланған

Олий Мажлис Сенатына БМШ Бас хаткериниң арнаўлы ўәкили, БМШтың Орайлық Азия ушын Превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының басшысы Каха Имнадзе келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Өзбекстанның БМШ ҳәм оның структуралары менен бирге ислесиўи, регионда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бағдарындағы биргеликтеги ҳәрекетлер додаланды.
БМШтың Превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы менен өз-ара бирге ислесиўдиң раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди. Трансшегаралық ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың тынышлық процесслеринде белсене қатнасыўы сыяқлы бағдарлар шеңбериндеги жойбарлар додаланды.

Ушырасыўда 2025-жыл октябрь айында Ферғана қаласында өткерилиўи режелестирилип атырған биринши Ферғана тынышлық форумына таярлық көриў мәселелерине итибар қаратылды.
Өзбекстан басшылығында болып өтетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының 7-Мәсләҳәт ушырасыўы шеңбериндеги тийкарғы бағдарлар додаланды.
2026-жылы өткерилиўи режелестирилген Жас парламент ағзаларының 12-глобал конференциясы бойынша да пикир алысылды.
Ушырасыўда гендер теңликти тәмийинлеў, БМШ ҳаял-қызлар шөлкеминиң ўәкилханасын ашыў, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын беккемлеў ҳәм жаслардың потенциалын арттырыў бағдарындағы басламалар ҳаққында да пикир жүргизилди.
Норгул Абдураимова,
ӨзАныӊ хабаршысы