Жаслар ислери агентлигине парламентлик сораў жиберилди

102

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде Жаслар ислери агентлигине жаслардың бос ўақтынан үнемли пайдаланыў ҳәм оларды кәсип-өнерге оқытыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлардың әмелге асырылыўы ҳаққында парламентлик сораў жиберилди.

Атап өтилгениндей, бүгинги глобалласыў процесслери, бәсеки орталығы ҳәм технологиялардың раўажланыўы жаслардан заман талабына жуўап беретуғын билим ҳәм көнликпеге ийе болыўды талап етпекте. Бул болса жаслардың бос ўақтын нәтийжели ҳәм мазмунлы өткериў, оларды заманагөй кәсип-өнерлерге оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумысларды буннан былай да күшейтиўди, бул бағдарларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына айрықша қатнас жасаўды талап етеди.

Нызамшылық палатасы депутатларының сайлаў округлериндеги ушырасыўлары ҳәм аймақларда өткерилген қадағалаў-таллаў илажлары даўамында тараўда еле өз шешимин күтип атырған мәселелер бар екенлиги анықланды.

Атап айтқанда, айырым аймақларда жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде өткерилип киятырған “Бес баслама олимпиадасы”ның мәҳәллелердеги үгит-нәсиятлаўы ҳәм төменги басқышлары шеңберинде жаслардың қамтып алыныўы жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмей атырғаны, мәҳәлле басқышларының қатнасыўшыларын ҳәм жеңимпазларын материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў механизми белгиленбеген.

Сондай-ақ, жаслар жетекшилери тәрепинен “Жаслар бәнтлиги бағдарламасы”н мәҳәлледе әмелге асырыў бойынша жаратылған имканиятларды мәҳәллелердеги жасларға жеткериўде немқурайдылыққа жол қойылып атырғаны, жуўапкер министрлик, уйым ҳәм шөлкемлер менен интеграция байланыслары толық жолға қойылмағаны нәтийжесинде мәмлекет тәрепинен берилген жеңилликлерден жаслар толық пайдалана алмай атырған жағдайлар бақланбақта.

Соның менен бирге, “Жаслар дәптери” қорына ажыратылған қаржылар айырым районларға өз ўақтында ҳәм толық жеткерип берилмей атырғаны және қаржыларды бөлистириў механизми толық тәмийинленбей атырғаны анықланған.

Буннан тысқары, үйрениўлер даўамында жас фермерлерге ажыратылған жер майданларының өнимдарлығы, суўғарылыўы ҳәм инфраструктураның бар екенлиги “Жас фермерлер” бағдарламасы шеңберинде жаратылған yoshfermer.uz (https://yoshfermer.uz/) платформасында көрсетилген мағлыўматлардан парықланатуғыны белгили болған.

Усындай машқалалардан келип шығып, парламентлик сораўда жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў ушын өткерилген илажлар, оларды кәсип-өнерге оқытыў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў бойынша көрсеткишлер, сондай-ақ, жергиликли ҳәкимият ҳәм жеке меншик сектор менен бирге ислесиў байланыслары сыяқлы мәселелер қамтып алынды.

Муҳтарама Комилова, ӨзА