Қадағалаў инспекциясы шаш кептириў үскенелеринен ескертеди
129

Техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында қадағалаў инспекциясы тәрепинен Ташкент ўәлаяты, Шыршық қаласындағы саўда дүканларында сатылып атырған Қытайда ислеп шығарылған “ФА Канг ИОН ФК 9900” бренди астындағы шаш кептириў үскенеси (фен) өними қадағалаў ушын сатып алынды.
Бул таңлап алынған өнимниң аккредитациядан өткен сынаў лабораториясы сынаў нәтийжелери соны көрсетти, бул шаш кептириў үскенеси өними стандарт талапларына сәйкес келмейтуғыны анықланған.
Унамсыз ақыбетлери:
- ток қарсылығын арттырады;
- ток өткизгиштен ағыс өткенде сезилерли дәрежеде қызып кетиўи;
- изоляцияныӊ ҳәдден тыс қызып кетиўи;
- жаныў ҳәм өртке алып келиўи мүмкин;
- үскенениң хизмет мүддетиниң қысқарыўы.
Өним сапасы ҳәм пайдаланыў көзқарасынан:
- ҳәр қандай арзан баҳа ҳәм сапасыз қураллар пайдаға қарағанда зыян келтиреди.
Ҳүрметли тутыныўшылар, сапасыз өнимге дус келсеңиз, Техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында қадағалаў инспекциясының 1880 номерине қоңыраў етиң.
ӨзА