Балалар сүўретленген порнографиялық өнимлерди сақлаў жуўапкершиликке себеп болады

Балаларды зорлықтан қорғаў системасын жетилистириўге қаратылған нызам жойбары менен Жынаят кодекси ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске балаларды жынысый зорлықлардан қорғаў, балалар сүўретленген порнографиялық өнимлерди сақлағаны ушын жуўапкершиликти белгилеўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Сондай-ақ, Жынаят-процессуал кодексине жас өспирим гүўаларды сораўдан өткериў мүддетлерин анық белгилеўши өзгерислер киргизилмекте. Оған бола, жас өспиримлерди жәбирлениўши ямаса гүўа сыпатында сораўға алыў мүддетиниң даўамлылығы 1 күн етип белгиленбекте. Соның менен бирге, бул процессте оларға жуўапкер шахслар да биргеликте қатнасыўы мүмкин екенлиги нәзерде тутылмақта.
Бул нызам жойбары парламент төменги палатасының мәжилисинде екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды. Атап өтилгениндей, жойбарды екинши оқыўға таярлаў даўамында жуўапкер комитет тәрепинен фракциялар, жумысшы топар ағзалары, ҳуқықтаныўшы ҳәм илимпазлардың қатнасыўында бир қатар мәжилислер, семинарлар өткерилди. Берилген усыныслар терең талланып, олар тийкарында ҳүжжеттиң тексти жетилистирилди.
Нәзерде тутылып атырған нормалар балалардың ҳуқықларын қорғаў кепилликлерин күшейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилип, нызам жойбары екинши оқыўда қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова,
Аслиддин Алижонов (сүўрет),
ӨзА