Чуст районында заманагөй қурылыс материаллары таярланбақта

206

Президент Шавкат Мирзиёев 16-сентябрь күни Чуст районындағы «Мегатон» кәрханасының газ-бетон блогин ислеп шығарыў комплексинде болды.

Халық саны өсип, урбанизация кеңейип атырғаны сапалы қурылыс материалларына талапты жылдан-жылға  арттырмақта. Мәмлекетимизде қурылыс материаллары тармағы  соның ушын  жедел раўажландырылмақта.  Заманагөй технологиялар алып келинип, жоқары нәтийжели өнимлер өзлестирилмекте.

«Наманган» еркин экономикалық зонасында жайласқан, «Туранбанк» тәрепинен  қаржыландырылған газоблок кәрханасы усылардан бири. 40 миллион долларлық бул жойбар шеңберинде Қытай, Германия, Дания сыяқлы мәмлекетлерден инновациялық технологиялар алып келинип орнатылған. Сонлықтан, ислеп  шығарылып атырған өнимлердиң сапасы ҳәм нәтийжелилиги жоқары.

Мәселен, Германия технологиясы энергия үнемлеўди тәмийинлейди. Бундай газоблоктан  қурылған имаратты сыртқы изоляциялаў шәрт болмайды,  ишиндеги ыссылық  ҳәм салқынлық төрт есеге аз жойытылады. Нәтийжеде электр энергиясының қәрежети 45 процентке шекем қысқарады.

Өндиристе “Мегатон” кәрханасына қараслы “Наманган цемент”тиң 550 маркалы цементинен пайдаланылады. Бул арқалы қосымша қун шынжыры жаратылған. Кәрханада 500 жаңа жумыс орны ашылған.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги жумыс процесин, лаборатория ҳәм өнимлерди көзден өткерди. Жуўапкерлер өнимниң сапасы, ыссы ҳәм суўыққа шыдамлылығы ҳаққында мағлыўмат берди.

– Қурылыс санаатымыз заман талабына бейимлесип, сапалы өнимлер ислеп шығарып атырғаны жақсы, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Бундай инновациялық технологияларды импорт үлеси жоқары болған басқа тармақларда да қолланыў керек. Сонда базарда бәсеки, қарыйдарлардың таңлаўы болады, орынларда жумыс орны көбейеди. Оның ушын излениўшең исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўды даўам еттиремиз.

Бул кәрханада жылына 600 мың метр куб өним ислеп шығарылады. Бул ўәлаятта гербишке болған талаптың 28 процентин қаплаўы күтилмекте.

Жойбардың екинши басқышында автоклав газоблок дийўалы, арнаўлы желим, химиялық араласпа ҳәм сыбаўларды локализациялаў режелестирилген.

ӨзА