Өзбекстан- Армения: билимлендириў ҳәм туризм тараўында бағдарламалар жолға қойылады

107

“Өзбекстан – Армения” парламентлераралық дослық топары ағзаларының онлайн ушырасыўы болып өтти.

Онда еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық қатнасықларды беккемлеў, нызам дөретиўшилиги жумысында өз-ара тәжирийбе алмасыў, бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеў сыяқлы мәселелер додаланды.

Өзбекстан ҳәм Армения арасындағы дослық қатнасықлар беккемленип атырғаны атап өтилип, олар беккем тарийхый тийкарларға ийе екени және өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним принциплери тийкарында раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Тәреплер саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиў потенциалы жоқары екенин атап өтип, парламентлераралық сөйлесиў арқалы бул бағдарларда биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў зәрүр екенлигине итибар қаратты.

Билимлендириў ҳәм туризм тараўында биргеликтеги  бағдарламаларды жолға қойыў, университетлер ҳәм илимий орайлар арасында академиялық байланысларды раўажландырыў бойынша усыныслар алға қойылды.

Н.Абдураимова, ӨзА