Жас өспиримлерге уятсыз ҳәрекетлер исленгени  ушын жуўапкершилик күшейтиледи

113

16 жасқа толмаған шахсқа байланыслы телекоммуникация тармақларынан ямаса интернеттен пайдаланып, уятсыз ҳәрекетлер ислегени ушын жуўапкершилик күшейтилмекте. Сондай-ақ, балалар сүўретленген порнографиялық өнимлерди сақлағаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Балаларды ҳәр қыйлы зорлықлардан қорғаўға қаратылған жумыслардың әмелге асырылыўына қарамастан, бул бағдардағы қолайсыз ҳәрекетлер азаймай атыр. Мағлыўматларға бола, 2025-жылдың 8 айында жас өспиримлерге әдепсиз ҳәрекетлер ислеў жынаяты 36 процентке артқан.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялар фракцияларының мәжилислеринде “Балаларды зорлықтан қорғаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары додаланды.

Соның ишинде, ХДП фракциясының мәжилисинде депутатлар жойбардың қабыл етилиўи балаларды жынысый еркинликке ҳәм бала саўдасына қарсы жынаятлардан қорғаў кепилликлерин күшейтиўге тийкар болатуғынын атап өтти. Қалаберди, бул түрдеги жынаятларды ислеген шахслардың қылмысына сәйкес жазаға тартылыўына хызмет ететуғыны айтып өтилди.

– Бул нызам жойбары менен Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерге жас өспиримлерди қорғаў бойынша бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте, – дейди фракция ағзасы Сайёра Имомова. – Сондай-ақ, жас өспиримлерди жәбирлениўши ямаса гүўа сыпатында сораўға алыў мүддетлери де анық белгиленбекте. Яғный, даўамлылығы 1 күн етип белгиленбекте. Соның менен бирге, бул процесслерде оларға жуўапкер шахслар да биргеликте қатнасыўы мүмкин екенлиги нәзерде тутылмақта. Нызам жойбары жас өспирим жетпеген перзентлеримиздиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўда әҳмийетли орын ийелейди.

Фракция додалаўларында билдирилген усыныслардан соң тийисли қарарлар қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА