Келешек заманагөй билимлерди ийелеген бәркамал әўладтики болады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-сентябрь күни Ташкент ўәлаятының Бостанлық районына барды ҳәм муғаллимлер ҳәм устазлар менен сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топарына мәмлекетлик сыйлықларды салтанатлы түрде тапсырды ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў, муғаллим ҳәм устазларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў мәселелерин додалады. Сондай-ақ, районда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумысларын көзден өткерди.
Дәслеп мәмлекетимиз басшысы райондағы “Ренессанс” балалар саламатландырыў дем алыў орайында жаратылған шараятлар менен танысты.

Мәмлекетимизде билимлендириў ҳәм жаслар мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Оның ушын көплеген оқыў мәкемелери қурылып, заманагөй үскенеленбекте. Жасларға улыўма билим бериў менен бирге қәбилетине қарап қәнигелестирилген билимлер де берилмекте. Соның ишинде, 14 Президент мектеби, 201 қәнигелескен, 2 спорт ҳәм 9 дөретиўшилик мектеби шөлкемлестирилди. Олардағы оқытыў ҳәм баҳалаў системасы 1 мың 500 мектеп де енгизилди.
Бул жумыслардың логикалық даўамы сыпатында билимли оқыўшыларды таңлап, халықаралық дәрежеде тәрбиялаўға да айрықша итибар қаратылмақта. Өткен жылы Пән олимпиадалары орайы, быйыл халықаралық мектеп шөлкемлестирилди.
Мәмлекетимиз басшысының басламасына муўапық, жасларымыздың Американың “Печак лигасы” (The Ivy League) университетлерине таярлаў жолға қойылмақта. Оның ушын миллий бағдарлама қабыл етилди. Усы жылы дәслеп 1,5 мың оқыўшы таңлап алынды. Оларға Президент ҳәм қәнигелескен мектеплерден 208 мәсләҳәтши бириктирилди.
Бул “Ренессанс” дем алыў орайы усы системаның бир бөлеги болды. Бул жерде жаслар жыл даўамында 3 ҳәптелик интенсив оқыў курсларында оқытылады. Жақсы нәтийже көрсеткен 40 ы “Печак лигасы” университетлерине тәжирийбе алмасыў ушын жибериледи.

Дем алыў орайы 500 ге шамалас оқыўшыны қабыллаў қуўатлылығына ийе. Ҳәкимшилик, оқыў имаратлары ҳәм жатақханада заманагөй шараятлар жаратылған. Мийманхана, асхана ҳәм автомобиль турыў орынлары келиўшилер ушын қосымша қолайлық есапланады.
Жазда өткерилген семинарларда пән олимпиадаларының жеңимпазлары, шет тили сертификатына ийе жаслар, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақ перзентлери қатнасты. Бул тең имканиятлардан пайдаланған ул-қызлардың билимин арттырып, келешегине беккем тийкар жаратты.
Сыр емес, бурын дем алыў орынларына дем алыў ҳәм кеўил ашар орын сыпатында қаралған. Енди бул көзқарас пүткиллей өзгерди. “Ренессанс” оқыўшылардың билимлендириў, мәнаўият ҳәм инновация майданына айланды.
Президентимиз дем алыў орайы ханаларындағы шараятларды, жаслардың ойлап табыўларын көзден өткерди.
STEAM ханалары, самолётты басқарыў симуляторы, тәбийғый пәнлер лабораториялары балалардың қызығыўшылықларын әмелий көнликпелерге айландырады. Олар китапханада билимлерин, спорт майданшаларында саламатлығын беккемлейди. Көркем өнер мүйешинде көркем өнер, әдебият бағдарындағы оқыўлар қоллап-қуўатланады. Сулыў тәбият, дослық орталығы жаслардың кейпиятын, умтылысын арттырады.
Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Өзбекстан университетиниң басшылары ҳәм питкериўшилери менен де сөйлести.
– Өзбекстан жасларының потенциалы, күш-ғайраты, умтылысы күшли. Биз мәмлекет болып, миллет болып, сапалы билимлендириўди тәмийинлесек, перзентлеримизге ҳеш ким тең келе алмайды, олар барлық тараўда жетекши болады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Танысыў даўамында Ал-Хорезмий университети кампусының жойбары таныстырылды. Бул басламаның тийкарында да жаслардың билимли болыўы, қәбилетиниң раўажланыўы ушын шараят жаратыў мақсет етилген. Жойбарды нәтийжели әмелге асырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.
Бул жерде Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң басында өз өмирин жас әўладқа тәлим-тәрбия бериўдей ең уллы иске бағышлап киятырған барлық муғаллимлерди қутлықлап, оларға терең ҳүрмет-иззетин билдирди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 11-сентябрьдеги пәрманына муўапық, тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топары ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди. Олардың арасында өз қаржысы есабынан мектеплер қурған сақаўатлы исбилерменлер, билимлендириўдеги алдынғы жетискенликлерди енгизиўге жәрдем берип атырған сырт елли шериклер де бар.

Мәресимде мине усы сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.
– Мен көплеген тараў ўәкиллерине атақ, орден ҳәм медальлар беремен. Бирақ устазлар сыйлықланатуғын күнди сағынып күтемен. Көкирегиңизди безеп турған орден-медальлар мүбәрек болсын. Елимизде жоқары сыйлықларға мүнәсип пидайы муғаллимлер көбейсин, – деди Президент.

Сыйлықланғанлардың атынан шығып сөйлегенлер билимлендириў тараўына итибары, устазға жоқары ҳүрмети ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.
Буннан кейин тараўды раўажландырыў илажлары бойынша сөйлесиў болып өтти. Онда видеобайланыс арқалы пүткил республикамыздан 40 мыңнан аслам устаз ҳәм муғаллимлер қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы мәжилистеги шығып сөйлеген сөзинде соңғы сегиз жылда мәмлекетимиз экономикасы 2 есеге өскенин, жалпы ишки өнимниң көлеми жылдың ақырына шекем 130 миллиард долларға жетиўин атап өтти.
Усы экономикалық тийкарда өткен сегиз жылда билимлендириў ҳәм илим тараўына қәрежетлер 6 есеге арттырылып, 378 триллион сум қаржы ажыратылған. Президентимиз билимлендириўдиң сапасын арттырыў, муғаллим ҳәм устазлардың мийнет ҳәм жасаў шараятын жақсылаў реформалардың ең тийкарғы бағдары болып қалатуғынын атап өтти.
Мәжилисте билимлендириўдиң барлық буўынларын раўажландырыў, жаслар ҳәм педагоглар ушын имканиятларды және де кеңейтиўге қаратылған басламалар белгиленди.
2017-жылы 4 мыңнан аслам мәҳәлледе бир де балалар бақшасы жоқ еди, қамтып алыўы 27 проценттен артпайтуғын еди. Бүгинги күнде бақшалардың саны 38 мыңнан, қамтып алыўы болса 78 проценттен артты. Жақында жәрияланған жаңа жеңиллик ҳәм имканиятлар нәтийжесинде мектепке шекемги билимлендириў кирип бармаған бирде-бир мәҳәлле қалмайды, қамтып алыў да 80 проценттен кем болмайды.
Бақша басшысы ҳәм педагоглардың айлығы дерлик 2 есеге артты. Жеке меншик бақшалардағы тәрбияшылардың айлығы ҳәм бала қәрежетиниң бир бөлеги бюджеттен қаплап берилетуғын система енгизиледи.
Енди мәмлекетлик ҳәм жеке меншик бақша тәрбияшыларын жумыстан ажыралмаған ҳалда жоқары билимлендириўде оқытыў жолға қойылады. Президент мектеплери сыяқлы ҳәр бир ўәлаятта “Жаңа әўлад” бақшалары шөлкемлестирилип, тәрбияшылар алдынғы педагогикалық технологияларды үйренеди.
Билимлендириўдиң ең узақ даўам ететуғын, шешиўши басқышы бул – мектеп билимлендириўи.
Мәмлекетимиз халқы соңғы 34 жылда 2 есеге өсип, 38 миллионнан асты. Ҳәзирги ўақытта мектеплерде 6,5 миллион оқыўшы билим алмақта. Кейинги сегиз жылда 500 ге шамалас жаңа мектеплердиң қурылғаны, барларының кеңейтилгени есабынан 1 миллион оқыўшы орны жаратылды. 200 мыңнан аслам ул-қызлар жеке меншик мектеплерде оқып атыр.
Енди мектеп дәўиринде оқыўшыларды қәбилетине қарап кәсип ямаса жоқары билимлендириўге бағдарлаўға 9-ҳәм 11-класс оқыўшылары ушын бирден-бир мәмлекетлик имтиханлар енгизиледи. Бул арқалы 400 мыңға шамалас 9-класс питкериўшилери техникумларға қамтып алынады. Оқыўды мектепте даўам еттирип, жоқары оқыў орнына кириў тилегинде болған жасларға пәнлер таңлаў тийкарында тереңлестирилип өтиледи.
Ҳәр жылы онлаған мың мектеп оқыўшылары шет тили ҳәм пәнлер бойынша халықаралық сертификатлар алмақта. Енди бундай сертификатлар мектептеги жуўмақлаўшы имтиханларда да тән алынады.
Мәмлекетимиз басшысы кәсиплик билимлендириў мәселесине айрықша тоқтап өтти. Тараў ушын 2026-жыл – Жасларды заманагөй кәсип-өнерге үйретиў жылы болатуғыны атап өтилди.
Усы мақсетте Кәсиплик билимлендириў агентлиги шөлкемлестириледи. Агентликтиң тийкарғы ўазыйпасы барлық 598 техникумға жаңа орталық алып кириў ҳәм халықаралық стандартларды енгизиўден ибарат болады.
Бир жыл ишинде 100 техникумда Германия, Швейцария, Қытай, Корея, Уллы Британия сыяқлы мәмлекетлердиң билимлендириў шөлкемлери менен бирге ислесиў жолға қойылып, олардың ең алдынғы кәсиплик билимлендириў бағдарламалары енгизиледи.
Сондай-ақ, кәсиплик көнликпеси бар қәлеген талабан бул техникумларда сырт мәмлекетлердиң маманлықты баҳалаў системасы арқалы имтихан тапсырылып, халықаралық сертификат алыўы мүмкин болады.
Быйылғы оқыў жылынан Англияның “Pearson” компаниясы менен аймақлардағы 14 техникумда “BTEC” халықаралық бағдарламасы басланды. Бул арқалы жаслар халықаралық стандартлар тийкарында туризм, мәлимлеме технологиялары, медицина, қурылыс, логистика, электротехника, энергетика, машина қурылысы, биотехнология, креатив экономика сыяқлы бағдарларда талап жоқары кәсиплерди ийелейди.
Келеси жылы санаатта дерлик 45 миллиард долларлық 456 ири жойбар басланады. Енди техникумларда “инвестор – тармақ – техникум” шынжыры тийкарында ҳәр бир жойбар бойынша дуал билимлендириў жолға қойылады.
Кәрханалар менен анық жойбарлары болған техникумлар арасында заманагөй устаханалар қурыў бойынша таңлаў өткериледи. Таңлаў жеңимпазларына устахана ушын заманагөй үскене ҳәм инвентарьлар, спорт әнжамлары алып бериледи.
Улыўма, дуал билимлендириў менен қамтып алыў 5 есеге арттырылады. Бирге ислесиўши кәрханаларға 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит ажыратылады, дуал билимлендириў арқалы жумыс ислеп атырған оқыўшылар ушын бирден-бир социаллық төлем еки есеге қысқартылады.
Жаңа технологияларды өзлестириў, жумыс табыўда шет тиллерин билиў оғада әҳмийетли. Сол себепли, техникумлардағы шет тиллери ушын ажыратылған саатлар 4 есеге көбейтиледи.
Президентимиздиң қарарына муўапық, мектеплерде мәсләҳәтши лаўазымы енгизилмекте. Енди олар 7-класстан баслап оқыўшыларды пәнлерди өзлестириўи ҳәм кәсиплик қызығыўшылығы бойынша таңлап, 9-классты питкергенинде техникумларға жоллама береди.
Буннан тысқары, быйыл 11-классты питкерип, жоқары оқыў орнына кире алмаған 200 мың жаслар да техникумларда 3-6 айлық қысқа мүддетли бағдарламалар тийкарында кәсипке оқытылады.
– Бул жаңа басламаларымыздан мақсет не? Ҳәр бир жасты кәсип-өнер арқалы дәраматлы етсек, шаңарақлардың руўзыгершилиги пүтин болады, мәҳәллелерде тынышлық ҳүким сүреди. Буннан ата-аналар да разы болады,деп ойлайман – деди Шавкат Мирзиёев.
Техникумдағы оқытыўшы ҳәм усталардың маманлығын, жәмийеттеги абырайын арттырыў илажлары да белгиленди. Соның ишинде, мектептеги сыяқлы техникумлардың оқытыўшы ҳәм усталары ушын кәсиплик сертификатлаў системасы енгизиледи. Бул арқалы техникум устазларына миллий сертификат ушын айлығының 30 проценти, халықаралық сертификатқа болса 50 проценти муғдарында үстеме төленеди. Буннан техникумлардың 30 мыңлық педагоглар жәмәәти пайда көреди. Бул мәкемелердиң директоры ҳәм орынбасарларының айлық мийнет ҳақысы да арттырылады. Енди техникумларда да илимий дәреже ҳәм атақлар ушын үстемелер төлеў жолға қойылады.
Кейинги жылларда, әсиресе, жоқары билимлендириўге қамтып алыў жедел артты. Жоқары оқыў орынларының саны 77 ден 202 ге, улыўма студентлердиң саны 250 мыңнан 1,5 миллионға жетти.
Жаңа индустриаллық дәўир – “төртинши санаат революциясы”н әмелге асырыў ушын дүньяда “технологиялық минераллар”ға талап бир неше есеге артпақта. Таллаўларға бола, дүньядағы вольфрам, молибден, цинк ҳәм титан резервлериниң 10-15 проценти регионымызға туўра келеди. Бул үлкен ресурсларды жоқары қосымша қунлы өнимге айландырыў ушын бизге бәринен бурын илим, билим ҳәм инновация керек.
Соның ушын илим ҳәм бизнес ўәкиллерин ушырастырып, пайдалы биргеликте ислейтуғын система шөлкемлестирилетуғыны айтылды. Ойлап табылыўлардың тәжирийбе-сынақ жумысларының қәрежетлерин қаплаўға қосымша 100 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди.
Жақында ойлап табыўшылар арасында тоғыз бағдарда өткерилген таңлаў жеңимпазларына электромобиль берилди. Екинши орын ийелери сырт елге стажировкаға жибериледи, үшинши орынды ийелегенлер болса ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.
Енди бундай таңлаўлар жоқары билимлендириўдиң ҳәр бир бағдарында, оқытыўшылар ҳәм студентлер арасында да өткерилетуғыны жәрияланды.
Жоқары оқыў орынларында сырт ел ТОП-500 диң университетлери менен биргеликте мәлимлеме технологиялары, жасалма интеллект, агротехнология, медицина, “жасыл” энергетика сыяқлы тийкарғы бағдарларда биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары жолға қойылады. ТОП-100ликке кирген университетлердиң филиаллары ашылады.
Президентимиз муғаллим ҳәм устазлардың социаллық шараятларын жақсылаў бойынша да бир қатар басламаларды билдирди.
Жаңа жылдан баслап кеминде 15 жыл стажға ийе болған жоқары категориялы педагогларға ипотека кредити басланғыш төлеминиң 25 проценти қаплап бериледи.
Келеси оқыў жылында мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға кирген педагоглар перзентлериниң шәртнама суммасына 30 процент шегирме бериледи.
Муғаллимлер жаңа билимлендириў технологияларын кеңнен қолланыўы ушын компьютер сатып алыўға 10 миллион сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи. Келеси жылдан педагоглар ушын мәмлекетлик хызметлер төлеми 2 есеге азайтылады.
Пән муғаллимлери сыяқлы баслаўыш билим бериў муғаллимлери ушын да миллий сертификат бериў системасы енгизиледи. Сертификат алғанларға ҳәр айда 15 процент үстеме төленеди.
Бакалавр басқышын айрықша диплом менен питкерип, мектепке жумысқа киргенлерге автомат түрде 2-кәнигелик категориясы, магистрлерге болса 1-кәнигелик категориясы бериледи. Дүнядағы ТОП-300 жоқары оқыў орынларына оқыўға кирген педагогларға 20 мың долларға шекем жеңиллетилген тәлим кредити ажыратылады.
Мәжилисте оқытыўшы ҳәм студентлер, билимлендириў шөлкемлериниң басшылары менен сөйлесилип, пикир-усыныслары тыңланды.
Усы күни Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятының Бостанлық районындағы жаңа туризм комплексиниң имканиятлары менен жақыннан танысты.
Кейинги жыллары аймақта инфраструктура раўажландырылып, жылдың төрт мәўсиминде қызықлы саяхат ушын қолайлы шараят жаратылды. Әмирсай, Шынаркент, Чарвақ дәрўазасы сыяқлы үлкен комплекслер, заманагөй мийманханалар, дем алыў ҳәм улыўма аўқатланыў орынлары иске қосылды.
Енди булардың қатарына “Чимён” халықаралық улыўма мәўсимлик курорты да қосылады. Францияның “MND” компаниясы менен биргеликте әмелге асырылып атырған бул жойбар ушын 1 мың 278 гектар майдан ажыратылған.

Жойбар шеңберинде мийманханалар ҳәм теңиз қәддинен 3 мың 300 метр бийикликке шекемги аспа жол қурылады. Бул толық мәўсимлик туризмди тәмийинлейди. Қыста лыжа ҳәм сноуборд, басқа айларда болса таў туризми ҳәм кеўил ашар дем алыў имканиятлары пайда болады.
Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги мийманхана, ресторан ҳәм саўда комплекслерин көзден өткерди.
Соның ишинде, 6 қабатлы заманагөй мийманхана 320 туристти қабыл етиў имканиятына ийе. Онда жыл даўамында орташа 45 мың туристке хызмет көрсетеди. Итибарлы тәрепи, бул жерде “Wyndham” бренди менен биргеликте қәнигели басқарыў жолға қойылмақта. Бул тек ғана хызмет сапасы емес, ал мәмлекетимиз туризминиң халықаралық абырайын арттырыўда да әҳмийетли болып есапланады. Мийманхананы ноябрьде иске түсириў режелестирилген.

Аймақтағы және бир жойбар шеңберинде 7 ҳәм 5 қабатлы апарт-отельлер, 7 қабатлы мийманхана ҳәм 2 қабатлы ресторан қурылды. Оларда да хызмет сапасын халықаралық стандартлар дәрежесине алып шығыў нәзерде тутылған. Жыл даўамында орташа 54 мыңнан аслам мийманды қабыл етиў мөлшерленген. Комплексте 100 ден аслам адам жумыслы болады. Ҳәзирги ўақытта 6 шале қурылысы даўам етпекте.
Президентимиз жаңа комплекслер қурыў ҳәм хызмет көрсетиўде алдынғы тәжирийбелерди қолланыў, хызметкерлердиң маманлығын арттырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Аймақтағы имканиятларды туризм платформаларында үгит-нәсиятлап, жергиликли ҳәм сырт елли туристлерди жедел тартыў бойынша көрсетпелер берилди.
Бул жерде 300 автомобильге мөлшерленген автомобильлер турыў орны да бар. Оның биринши қабатында ресторан, балалар майданшасы ҳәм саўда комплекси шөлкемлестирилген. Бул тек ғана қолайлылық емес, ал туристлер ушын қосымша хызметлерди бир пүтин усыныў имканиятын да береди.
Улыўма, “Чимён” улыўма мәўсимлик курорты нәтийжесинде хызмет көрсетиў тараўында мыңлаған жаңа жумыс орынлары, жергиликли халық ушын турақлы дәрамат дәреги пайда болады. Туристлерге ең заманагөй хызметлерди усынып, мәмлекетимизге келиўши туристлердиң санын сезилерли дәрежеде арттырады.

Бостанлықта туризм басқа да тараўлар менен үйлесикли түрде раўажланып, пүткил аймақтың экономикалық көринисин өзгертип атыр. Саўда ҳәм хызметлердиң түри, транспортлардың ҳәрекети көбеймекте. Сол себепли улыўма мәўсимлик курорт жойбары шеңберинде автомобиль жолында туннель де қурылды.
Бул имарат қурамына узынлығы 1 мың 450 метр болған тийкарғы жол бөлеги, 2 көпир ҳәм пиядалар жоллары киреди. Ол аймақтағы таў курортларына алып барыўшы тийкарғы жолды қысқартады. Қәўипсизликти арттырып, транспортлардың ҳәрекетин жеңиллестиреди. Туннель арқалы саатына 500 ден аслам автомашина қәўипсиз ҳәм қолайлы ҳәрекетлениўи мүмкин.
Жоллардың қолайлығы аймақтың туризм потенциалын толық иске қосыў ҳәм экономиканы раўажландырыўдың әҳмийетли факторы екени атап өтилди. Соның менен бирге, тәбиятты таза сақлаў, дем алыўшылардың экологиялық мәдениятын арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Бундай жойбарлар туристлерге қолайлық жаратыў менен бирге мәмлекетимиздиң инвестициялық ҳәм мәдений тартымлылығын арттырады. Бостанлық бүгинги күнде тәбийғый гөззаллығы, заманагөй комплекслери ҳәм жоқары хызмет көрсетиў мәденияты менен мине, усындай орайға айланып бармақта.
Бостанлық районына сапары даўамында Президент Шавкат Мирзиёев Чимён мәҳәллесинде қурылып атырған агросанаат бағын да барып көрди.

Бостанлықта суў мол, жери өнимдарлы. Соған тийкарланып, туризм ҳәм аграр тараў үйлесикли түрде раўажландырылмақта. Соның ишинде, Чимён мәҳәллесинде 3 мың гектар майданда малина, қарағат, қулпынай, тоғай ғозасы сыяқлы мийўелерди жетистириў жолға қойылмақта.
Жойбардың улыўма баҳасы 60 миллион доллардан аслам. Бул қаржы есабынан бағлар шөлкемлестириледи, мийўени қайта ислеў кәрханалары және үлкен сыйымлылықтағы қоймаханалар қурылады.
Ҳәзирги ўақытта 50 гектар майданда малина ҳәм қулпынайдың сырт елге экспорт етиўге қолайлы сортлары егилген. Бағ толық тамшылатып суўғарылады. Малинаның ҳәр гектарынан 400 миллион сум, қулпынайдан болса 500 миллион сумға шекем дәрамат алынады.

Жойбар толық әмелге асырылғаннан соң жылына 24 мың тоннаға шамалас өним жетистириледи. Оның салмақлы бөлеги – тоғай ғозасы ҳәм мийўелер экспортқа бағдарланады. Ең әҳмийетлиси, бағларда 12 мыңнан аслам адам жумыслы болады.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Абдулализ РУСТАМОВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары