Пияз ҳәм чеснок егиў усыллары көрсетилип өтилди

167

Нөкис районында «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Диана Мардана» фермер хожалығында пияз ҳәм чеснок егинлерин егиўге арналған көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Фермерлер кенеси баслығының  орынбасары Пахратдин Беканов, Нөкис районы фермерлер Кеңеси жанындағы фермер хожалықларында бухгатлерия есабы ҳәм есабатын жүргизиў орайы директоры Расберген Ембергенов, агрономлар,  аўыл хожалығы хызметкерлери ҳәм фермерлер қатнасты.

Онда Қарақалпақстан шараятында пияз ҳәм чеснок егиў усыллары, мүддетлери ҳәм исленетуғын агротехникалық илажлар айтып өтилди.

Сондай-ақ, семинар қатнасыўшылары Диана Мардана фермер хожалығында егилген пияз майданларын көзден өткерип, өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги