Ең үлгили ҳаял-қызлар белсендиси анықланды

Әмиўдарья районында ҳаял-қызлар белсендилери арасында «Ең үлгили ҳаял-қызлар белсендиси» республикалық таңлаўының районлық басқышы болып өтти.
Ҳаял-қызлар белсендилериниң жумысындағы жаңаша қатнасларды ғалаба ен жайдырыў, олардың жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм интакерлигин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда район бойынша жәми 49 мәҳәллениң ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.
Таңлаўда қатнасыўшылар өзлериниң аймақларында әмелге асырған жумыслары бойынша ҳүжжетлер топламын ҳәм видео презентацияларын усынды.

Төрешилер қурамы олардың жәмийеттеги белсене қатнасын, жаңа басламалары, аймақларында машқалаларды шешиў бағдарында алып барған жумысларын инабатқа алып, ең үлгили ҳаял-қызлар белсендилерин баҳалап барды.
Нәтийжеде «Ақ алтын» аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Моҳира Якубова биринши, «Дурунки» мәҳәлле пуқаралар жыйыны белсендиси Феруза Аллабергенова екинши, «Алмазар» мәҳәлле пуқаралар жыйыны белсендиси Дилдора Абдурахманова үшинши орынға ылайық деп табылды.
-«Ақ алтын» аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Моҳира Якубова ҳаял-қызлар менен бирге ислесиў, шаңарақларда саламат орталықты тәмийинлеў, ажырасыўлардың алдын алыў, жәмийетлик келиспеўшиликлерди сапластырыў ҳәм жаслар тәрбиясы бағдарында нәтийжели жумыс алып бармақта, -дейди Әмиўдарья районы ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Гөззал Сабирова. – Бундай пидайыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жәмийетимиз раўажланыўының тиреги.
– Бул жетискенлик тек мениң емес, ал, шаңарағым, жақынларым ҳәм мәҳәллемизде мениң менен ийинлес болып мийнет етип атырған пидайы жәмәәтимиз мийнетлериниң жемиси болып табылады, -дейди М.Якубова.
Әҳмийетлиси, М.Якубованың ҳәрекетлери себепли 100 ге шамалас жумыссыз ҳаял-қызлар уқыбына қарай исбилерменликке, өнерментшилик ҳәм жумысты бөлип ислеўге тартылды. Сондай-ақ, сырт еллерде жумыс ислеп жүрген 14 ҳаял-қыздан алтаўы сыртқы миграциядан қайтарылды. «Ҳаял-қызлар дәптери»не «Мәҳәлле жетилиги»ниң қарары менен киргизилген 174 ҳаял-қыздың 120 дан асламына әмелий жәрдемлер көрсетилди. Аўыр аҳўалға түсип қалған 12, зорлыққа ушыраған 5, жазасын өтеў орынларынан қайтқан 7 ҳаял-қыздың машқалалары мәҳәлле жетилиги ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер жәрдеминде өз шешимин тапты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги