ТОП-100 ге кирген жоқары оқыў орынларының филиаллары ашылады

Жоқары билимлендириўдеги реформалардан тийкарғы мақсет Өзбекстанды регионаллық билимлендириў ҳәм илим орайына айландырыў екени атап өтилди.
Мәселен, ҳәзирги ўақытта 4 жоқары оқыў орны дүньядағы ТОП-мыңлыққа кирген. Жақын жылларда олардың саны 10 ға жеткериледи.
Соның менен бирге, жоқары оқыў орынларымызда сырт ел ТОП-500 лигине киретуғын университетлер менен мәлимлеме технологиялары, жасалма интеллект, агротехнология, медицина, “жасыл” энергетика сыяқлы әҳмийетли бағдарларда биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары жолға қойылады.
Буннан тысқары, сырт елдеги ТОП-100ге кирген жоқары оқыў орынларының филиаллары ашылады.
Бул мақсетлерге ерисиў ушын келеси жылы 10 нан аслам халықаралық шөлкемлер, 500 абырайлы жоқары оқыў орны ректорлары, 1 мыңнан аслам халықаралық экспертлердиң қатнасыўында Орайлық Азия халықаралық билимлендириў форумы өткериледи.
Сырт елли студентлердиң саны 5 есеге арттырылып, билимлендириў экспорты 200 миллион долларға жеткериледи.
ӨзА