Apple жаңа iPhone 17 моделлери баҳасын жәриялады (+видео)

93

Бирақ Өзбекстанда бул телефонлардың баҳасы әдеўир жоқары болады. Неге? Келиң, буны әпиўайы тилде түсиндирип берейик.

2025-жыл 1-майдан баслап, бажыхана нызамшылығында әҳмийетли өзгерис күшке кирди:

Егер сиз шеттен телефон алып кирмекши болсаңыз, максимал бажысыз лимит енди 2 мың доллардан 1 мың долларға түсирилди.

Яғный, 1000 доллардан қымбат телефон алып кирсеңиз, артқан сумманың 30 процентин бажыхана төлеми сыпатында төлейсиз.

Буннан тысқары, ҳәр бир iPhoneды Өзбекстанда пайдаланыў ушын IMEI -кодын дизимнен өткериў керек

Егер сиз телефонды жасырын алып кирсеңиз ҳәм бажыхана декларациясына киргизбесеңиз, кейин ала оны дизимнен өткериўде де толық бажы баҳасының 30 процентин төлеўге туўра келеди.

Енди iPhone 17 баҳаларына нәзер таслайық:

iPhone 17 (799 $) – шама менен 10,3 млн сум

iPhone 17 Pro (999$) – 12,8 млн сум

iPhone 17 Pro Max (1 199 $) – 16 миллион сўм

Бул тек шеттен алып келинсе ғана. Рәсмий дүканларда бул баҳалар және де жоқары болыўы мүмкин.

Демек, жаңа iPhone алып келмекшисиз?

Нызамшылықтағы жаңа өзгерислерди есапқа алың, болмаса күтилмеген қәрежетлерге дус келиўиңиз мүмкин.

Мадинабону НАСРИЕВА,

Искандар ИСМАТОВ,

ӨзАның хабаршылары