Өзбекстан ҳәм Тәжикстан сыртқы ислер министрлери Дохада ушырасты

Қатар пайтахты Доха қаласында Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов тәжикстанлы кәсиплеси Сирожиддин Муҳриддин менен ушырасты.
Тәреплер регионаллық бирге ислесиўди және де тереңлестириў, саўда-экономикалық ҳәм мәдений байланысты кеңейтиў перспективасы, сондай-ақ, әҳмийетли ўазыйпаларды шешиў бағдарындағы биргеликтеги жумысларды додалады.
Б.Саидовтың сөзлерине бола, еки туўысқан мәмлекет стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасығын избе-из беккемлемекте.
Сыртқы ислер уйымының басшылары Орайлық Азияда тынышлық, турақлылық ҳәм қоңсышылық байланысларын алға қойыў бойынша улыўма садықлықты тастыйықлап, биргеликтеги ҳәрекетлердиң регион халықлары ушын абаданлық ҳәм қәўипсизлик тийкары сыпатындағы әҳмийетин атап өтти.
А.Алимова, ӨзА