Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў миллий агентлигиниӊ жумысы тәртипке салынды

129

Президент қарары (ПҚ-275-санлы) менен “Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Билимлендириўдиӊ сапасын тәмийинлеў миллий агентлиги ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.

Реже Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў миллий агентлигиниң статусы, ўазыйпа ҳәм функциялары, ўәкилликлери, ҳуқық ҳәм миннетлемелери, жумысын шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.

Агентлик орта арнаўлы, кәсиплик, жоқары ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, маманлықларды баҳалаў тараўларында сыртқы сапа қадағалаўын әмелге асырыўшы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланады.

Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары төмендегилер болып табылады, атап айтқанда:

– билимлендириў шөлкемлеринде ишки сапа қадағалаўы нормалары менен тәртиплерин жетилистириў ҳәм нәтийжели әмелге асырыў бойынша методикалық усыныслар бериў;

– билимлендириў шөлкемлеринде билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеўге қаратылған илажлардың нәтийжелилигин үйрениў бойынша илимий ҳәм әмелий изертлеўлер алып барыў ҳәм сораўнамалар өткериў.

Агентлик структурасына Агентликтиң орайлық аппараты ҳәм Миллий маманлық системасын раўажландырыў институты киреди.

У.Қурбонов, ӨзА