ЕҚБШ ўәкиллери партия жумысы менен танысты

“Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Орайлық кеңесинде ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының Сайлаў департаменти ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Партия Орайлық кеңеси баслығының орынбасары Феруза Муҳаммеджанова мийманларды “Миллий тикланиш”тиң сайлаўлардан кейинги жумысы менен таныстырып, партия конституциялық реформалардың басламашыларынан бири сыпатында мәмлекеттиң сиясий майданында “Қәдириятларға сүйенген раўажланыў” идеясы тийкарында жедел ҳәрекет етип атырғанын атап өтти.

– Партия жәмийеттиң сиясий катализаторы екенинен келип шығып, партиямыз жанында биринши мәрте “Ақыл орайы” шөлкемлестирилди. Орай депутатлардың жумысын баҳалаў бойынша рейтинг индикаторларын ислеп шығыў бойынша дәслепки изертлеў алып барылмақта. Мақсет – депутатлық корпус жумысын жаңа басқышқа көтериў ҳәм мәмлекет ҳәм халық арасында исенимли көпир болыў,-деди Ф.Муҳаммеджонова.

ЕҚБШның Сайлаў департаменти баслығының орынбасары Улви Ахундлу “Миллий тикланиш” өзиниң мақсет-ўазыйпаларынан келип шығып, көплеген әмелий басламалар менен шығып атырғаны тән алыўға ылайық екенин ҳәм бул партияның жәмийетлик турмыстағы тиккелей қатнасы ҳәм тәсиринен дәрек екенин атап өтти. Сондай-ақ, сиясий процесслерге халықаралық стандартлар тийкарында қатнас жасаў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
Сөйлесиўде тәреплер өзлерин қызықтырған бир қатар мәселелер бойынша да пикир алысты.
М. Комилова, ӨзА