Халықтың абаданлығын тәмийинлеў баслы ўазыйпа

88

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районындағы бир қатар социаллық объектлер, сондай-ақ, исбилерменлердиң жумыслары менен жақыннан танысты.

Республикамыз басшысы ең дәслеп  Янгиҳаёт мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Лочин чорва комплекси» фермер хожалығының жүзимгершиликти раўажландырыў, Баҳор МПЖда жасаўшы Атажан Уразимбетовтиң ыссыханасында банан жетистириў бойынша жумысларын көзден өткерди.

Ушырасыўда егислик майданын мол дәрамат дерегине айландырып, жақсы нәтийже көрсетип атырған бундай мийнеткеш инсанлардың жумыслары көпшиликке үлги болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Буннан соң  Яшнаобод МПЖдағы 44-санлы мектепте оқыўшылардың сабақтан тыс ўақытларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша жолға қойылған жумыслар үйренилип, республикамыздағы мектеплерде де кестедеги сабақлар менен бирге кәсип-өнерге де бағдарлаў ислери  болыўы керек екенлиги айрықша тилге алынды.

Соңынан Зиёкор елатында Президентимиздиң тапсырмасы менен қәўендерлик есабынан жаңадан қурылып атырған, 660 орынға мөлшерленген жаңа мектеп, Шодлик МПЖда жаңадан қурылып атырған «Атажан Худайшукуров» атындағы амфитеатр, «EVRO-AZIA» ЖШЖ тәрепинен жаңадан қурылып атырған 119 квартиралы көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы көзден өткерилип, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

Буннан кейин  «Тўрткўл шиша идишлари» ЖШЖ ҳәм Нурата АПЖдағы «Дунё мед строй» ЖШЖға қараслы жаңадан иске түсирилиў алдында турған клиникада болып, исбилерменлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм бизнесин раўажландырыўы ушын жақыннан жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге анық көрсетпелер берди.

Үйрениўлер соңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен Төрткүл районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша мәжилис өткерилди.


Мәжилиске тийисли мәкеме-шөлкем басшылары ҳәм аймақ белсендилери қатнасты.

Онда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы берилген тапсырмалар бойынша илажлар бағдарламасы, сондай-ақ, буннан алдынғы мәжилисте жуўапкерлерги берилген тапсырмалардың орынланыўы мәселелери қарап шығылды.

Районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама тийкарында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилгени менен, айырым орынларда бар мүмкиншиликлер толық иске қосылмай атырғанлығын атап өтиў орынлы.

Атап айтқанда, мәҳәллелердеги жумыслардың әмелде орынланыўы, абаданластырыў, пукаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында илажлардың талап дәрежесинде емеслиги сынға алынып,  жуўапкерлер ескертилип, айырымларына интизамий жаза шарасын қолланыў бойынша тапсырмалар берилди.

Өткерилген мәжилис даўамында тез ўақыт ишинде ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип, анық тапсырмалар берилди ҳәм өз жумысын орынлаўға немқурайдылық пенен қарап атырған жуўапкерлерге интизамий жаза шарасын қолланыў, зәрүр болса лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги