Қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар берилди

90

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитети тәрепинен Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы миллий баянат дәслепки тәризде көрип шығылды.

 Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўдиң ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарлары жетилистирилди. Тараўда мәмлекетлик сиясаттың избе-излигин тәмийинлеў мақсетинде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2023-2024-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилип, ашық жәрияланыўы керек болған мағлыўматлар дизими 35 тен 40 қа кеңейтилди.

Агентлик тәрепинен бағдарламаның орынланыўы турақлы мониторинг етилип, ҳәр шеректе Миллий кеңес мәжилислеринде жуўапкер шөлкем басшыларының есабатлары тыңланды. Нәтийжеде бағдарламада белгиленген 9 бағдардағы 30 бәнттен ибарат ўазыйпа ҳәм тапсырмалардың орынланыўы толық тәмийинленди.

2024-жылы коррупцияға қарсы гүресиў бойынша превентив механизмлерди және де кеңнен енгизиў, коррупцияның ақыбетлери менен емес, ал оның алдын алыўға қаратылған жумысларды күшейтиў бағдарында белгили жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, өткен жылы коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған 8 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.

Мәплер соқлығысыўының алдын алыў механизмлери ислеп шығылып, нызам менен тәртипке салынды. Агентлик тәрепинен министрликлер ҳәм уйымлардың 327 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары коррупцияға қарсы экспертизадан өткерилди.

Бүгинги күнде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы көрсетилетуғын хызметлердиң саны 710 нан артты.

Комитет мәжилисинде мәмлекетимиз басшысының усы жыл 5-март күни өткерилген Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Агентлик тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Депутатлар тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бирге, бул тараўда толық пайдаланылмаған имканиятлар ҳәм итибар қаратылыўы зәрүр болған мәселелер бар екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў структураларының жумысында мәплер соқлығысыўы менен байланыслы факторлар толық сапластырылмағаны сынға алынды.

Додалаўлар даўамында Агентлик тәрепинен коррупцияға байланыслы, биринши гезекте, бюджет қаржыларының жумсалыўы, мәмлекетлик активлердиң реализацияланыўы, инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўына байланыслы материалларды үйрениў, лаўазымлы шахслардың қарарларының нызамлылығы бойынша өткерилип атырған қадағалаў нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар берилди.

 

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы