Жумыслар нәтийжели шөлкемлестирилмекте

104

Хожели районындағы  «Жаслар орайы» нда мәҳәлле баслықлары ушын оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Илажға район  ҳәкими Ж.Ермашев, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары А.Примбетов ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты. Семинарда «мәҳәлле жетилиги» ағзаларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм олардың мәмлекетлик уйымлар, жәмийетлик шөлкемлер, Халық депутатлары Кеңеслери менен өз-ара бирге ислесиўин системалы жолға қойыў, жумыссыз халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды. Оқыў семинарда  қәўипсиз мәҳәлле орталығын жаратыў, «санлы мәҳәлле» платформасы, мәҳәллениң финанслық имканиятларын арттырыў сыяқлы бағдарларда көнликпелер берилди. Соның менен бирге, мәҳәлле баслығының жаслар тәрбиясындағы орны, кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж пуқараларға социаллық хызмет көрсетиўде ашық-айдынлық мәселелерине айрықша әҳмийет қаратылды. Семинар даўамында мәҳәлле баслықлары өз-ара пикир алысып, жуўапкерлерден қызықтырған сораўларына жуўап алды.

                                                                   Қарақалпақстан хабар агентлиги