Өзбекстан ҳәм Қатар жетекшилери телефон арқалы сөйлести

82

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-сентябрь күни Қатар Мәмлекетиниң Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний менен телефон арқалы сөйлести.

Өзбекстан – Қатар стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў қатнасықларының әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы жақында Израил тәрепинен Қатар пайтахты Доха қаласына уйымластырылған ракета ҳүжимлерин кескин қаралады. Қатардың ғәрезсизлигин ҳәм суверенитетин бузатуғын, оның қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын бундай кеўилсиз ис-ҳәрекетлер Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Уставы, халықаралық ҳуқықтың тийкарғы қағыйдалары менен принциплерине қайшы келетуғыны атап өтилди.

Өзбекстан халықаралық қатнасықларда күш ислетиўдиң ҳәр қандай түрине ҳәм Жақын Шығыстағы жағдайды және де кескинлестириўге алып келетуғын қәдемлерге қарсы екени атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Қатардыӊ басламасы менен шақырылып атырған гезексиз араб-ислам саммитиниң табыслы өтиўин тиледи.

Қатар Мәмлекети Әмири, өз гезегинде, көрсетилген тилеклеслик ҳәм қоллап-қуўатлағаны ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Телефон арқалы сөйлесиў ўақтында жедел сиясий байланысларды даўам еттириў ҳәм еки мәмлекет жетекши компанияларының кооперациялық жойбарларын жеделлестириў бойынша өз-ара муўапықласқан илажлар көриў мәселелери де додаланды.

 

ӨзА