Лимон жетистириў дәрамат дәреги

137

Елликқала районы «Сахтиён» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы «Umidbek-Odilbek» ЖШЖ тәрепинен лимон жетистириў мақсетинде ыссыхана хожалығы шөлкемлестирилди.

3 гектар майданда жайласқан ыссыханада 4 мың 500 түп лимон егилген болып, жылына 8-9 тонна өним алыныўы режелестирилген. Өз гезегинде жетистирилген өнимлер ишки базарларға сондай-ақ, сырт елге экспорт етилиўи де мақсет етилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги