TikTok және нышанда

Франция парламентиниң тийисли комиссиясы басшысы, депутат Артур Делапорт Париж прокуратурасына “ТiкТок” социаллық тармағы үстинен шағым етти. Оның пикиринше, структура бул тармақ пайдаланыўшыларының денсаўлығы ҳәм өмирин қастан қәўипке қоймақта, деген жуўмаққа келген ҳәм соннан кейин ол прокуратураға мүрәжат етиўге мәжбүр болған.
Комиссия социаллық тармақта өз жанына қастыянлық етиў, ҳайўанларға мийримсиз мүнәсибетте болыў, сондай-ақ, экстремизм ҳәм ксенофобия қәсийетине ийе материаллардың тарқалыўы тийкарында Тiк Токтың жас өспиримлерге руўхый тәсирин үйрениў ушын дүзилген.
– Комиссияның жуўмағын бийкарлап болмайды, – деген сиясатшы “Франс-Инфо” радиосы эфиринде. – “ТiкТок” өз пайдаланыўшыларының денсаўлығы ҳәм өмирин биле тура қәўипке қойған. Соның ушын прокуратура менен байланысыўға қарар еттим. Тармақ басшылары бир қатар “жынайый ҳуқықбузарлық”қа жол қойған. Сондай-ақ, хызметкерлер “жалған көрсетпе берген”. Яғный, олар нызамды билмеймен, деп өтирик айтады.
Апрель айында орынбасар ҳәм бурынғы бас министр Габриел Аттал интернетке ғәрезли болып қалыўға қарсы гүресиў бойынша “радикал илажлар” шеңберинде 15 жасқа шекемги балалар ушын социаллық тармаққа кириўди қадаған етиў ҳәм түнги ўақытта жас өспиримлер ушын шеклеў қойыўды усыныс еткен еди. Интернет-платформалардың “тартымлылығы”н төменлетиў керек. Мәселен, 30 минуттан соң интерфейсти ақ-қара режимге өткериў керек, деп есаплайды депутат.
Июнь айының басында Президент Эммануель Макрон егер Европа Аўқамы анық қадаған етпесе, 15 жасқа шекемги өспиримлердиң социаллық тармақтан пайдаланыўы қадаған етилиўин айтқан еди.
Өз гезегинде “ТiкТок” платформасы ҳүкиметтиң социаллық тармақтан пайдаланыўшылардың денсаўлығына қәўип туўдырып атырғаны ҳаққындағы даўаларды қатаң бийкарлады, деп жазады “Франсе-Пресс” агентлиги.
С.Раҳимов, ӨзА