Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди қайта ижараға бериў системасы жетилистириледи

“Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерде өним жетистириўдиң үзликсизлигин тәмийинлеў ҳәм жерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент пәрманы (ПП-172-санлы) қабыл етилди.
Пәрманды қабыл етиўден гөзленген тийкарғы мақсетлер етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:
– район (қала) ҳәкимликлери қарамағындағы бос турған жер участкаларын толық есапқа алыў ҳәм реализациялаў;
– аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди қайта ижараға бериў системасын жетилистириў.
Пәрманға бола, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң ижарашыларына жер участкаларының бир бөлегине байланыслы ижара шәртнамасы бойынша өз ҳуқық ҳәм миннетлемелерин басқа шахсқа өткериў (қайта ижараға бериў) ҳуқықы бериледи.
Бул жерлердиң ийелери ҳәм пайдаланыўшыларына жер участкаларына болған ийелик етиў ҳәм пайдаланыў ҳуқықларын халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңеслериниң қарары тийкарында ижара ҳуқықына өзгертиў имканияты бериледи.
Онда жерге ийелик етиў ҳәм пайдаланыў ҳуқықы ижара ҳуқықына өткерилгенде ижара мүддети төмендегише етип белгиленди:
– Өзбекстан пуқаралары ҳәм олар шөлкемлестирген юридикалық тәреплер ушын – 30 жыл;
– сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы кәрханалар ушын – 25 жыл.
У.Қурбонов, ӨзА