ЕҚБШның Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының ўәкиллери ХДПда болды

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңесинде Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы (ЕҚБШ ДИИҲБ) ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиўде Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң баслығы Улуғбек Иноятов партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпалары, халықтың мәплерин билдириўдеги орны, сиясий процесслердеги қатнасы ҳәм парламенттеги жумысы ҳаққында мағлыўмат берди. Соның менен бирге, партия тәрепинен алып барылып атырған жойбарлар, сайлаўлардағы қатнасыўы, халықты социаллық қорғаўға қаратылған бағдарламалық ҳәрекетлерге айрықша тоқтап өтти. Сондай-ақ, ЕҚБШ ДИИҲБ миссиясының тийисли есабатында келтирилген таллаўлар ҳәм усыныслар демократиялық процесслерди жеделлестириўде айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.


ЕҚБШ ДИИҲБ сайлаў департаменти баслығының орынбасары У.Ахундлу ушырасыў ушын миннетдаршылық билдирип, сиясий процесслерде улыўма тән алынған нормалар менен қағыйдаларды енгизип барыў әҳмийетли екенлиги ҳаққында пикирлерин билдирди. Сиясий процесслерге халықаралық стандартлар тийкарында қатнас жасаў, сайлаў әмелиятында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, барлық сиясий партиялар ушын теңдей шараятлар жаратыў мәселелери бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
М.Комилова, ӨзАның хабаршысы