Бишкекте ТМШ диний уйымлары басшыларының мәжилиси болып өтти

“Анадолу” мәлимлеме агентлигиниң хабар бериўинше, Қырғызстанда Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер диний уйымлары басшыларының VI мәжилиси болып өтти. Әнжуманда Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң баслығы, Бас муфтий Нуриддин Холиқназар ҳәзиретлери де қатнасты.
Өзбекстан ўәкили мәмлекетимиз бас диний басқармасы өз жумысын избе-из раўажландырып, халықаралық майдандағы абырайын беккемлеп атырғанына айрықша итибар берди:
– Шөлкемимиз тек ғана регионаллық турақлылық ҳәм раўажланыў емес, ал келешек әўладлар ушын беккем тийкар жаратыў көзқарасынан да турмыслық әҳмийетке ийе. Мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшыларының ҳәрекети менен жәмәәтимиз түркий халықлар бирлигин беккемлеў, улыўма мәпти қорғаў, ислам дүньясында жүз берип атырған ўақыяларға мүнәсип қатнас жасаў жолында исенимли қәдем тасламақта.
Өзбекстан муфтийи шаңарақлық машқалаларды шешиўде фатвоның әҳмийетине тоқтап өтип, түрк дүньясы климат өзгериўи, тоғай өртлери, суў жетиспеўшилиги, шөллениў, экология машқаласы сыяқлы әҳмийетли мәселелерге дус келип атырғанын атап өтти.
ТМШ Бас хаткери Кубаничбек Омуралиев түрк-ислам қәдириятларын қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў, исламафобия ҳәм радикализмге қарсы гүресиў, сондай-ақ, диний мәкемелердиң бирге ислесиўин беккемлеў әҳмийетли екенлигине итибар қаратты.
Ағза мәмлекетлер диний уйым басшылары VI мәжилиси Фатво кеңеси тәрепинен қабыл етилген жуўмақлаўшы ҳүжжет мақулланды.
Өзбекстанның усынысы менен климат өзгериўи, тәбиятты қорғаў ҳәм қоршаған орталық машқаласын шешиўге шақырылды. Гезектеги мәжилис Әзербайжанда өткерилиўи белгиленди. Еслетип өтемиз, дәслепки әнжуман 2022-жылы Стамбулда, кейин Түркстан (Қазақстан), Баку, Шуша (Әзербайжан), Астана (Қазақстан) ҳәм Ташкент (Өзбекстан) қалаларында шөлкемлестирилген.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА