Өзбекстан ҳәм Қазақстан бирге ислесиўи және де раўажланады

Өзбекстан сыртқы сиясат уйымының басшысы Бахтиёр Саидовтың Қазақстан Бас министриниң орынбасары, сыртқы ислер министри Мурат Нуртлеу менен телефон арқалы сөйлесиўи ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер ҳәм усы бағдардағы перспективалар додаланды.
Сөйлесиў ўақтында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди турмысқа енгизиў дыққат орайында болған.
Өз-ара дослық ҳәм жақсы қоңсышылық руўхында стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасығын ҳәр тәреплеме беккемлеўге өз-ара таярлық тастыйықланған.
Буннан тысқары тәреплер регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм Орайлық Азияда турақлылықты беккемлеў жолындағы ҳәрекетти жеделлестириў, сондай-ақ, халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, Жақын Шығыстағы жағдай бойынша “сәйкес бақлаў” әҳмийетли екенлигин мақуллады.
Министрлер усы жылдың ақырына шекем режелестирилген илажларды айрықша көрип шыққан.
ӨзА