Сенат: исбилерменлерге экономикалық раўажланыў ҳәм экспортты кеңейтиў бағдарында жәрдем бериледи

95

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетинде Өзбекстан Экспортёрлар аўқамының ўәкиллери ҳәм экспорт пенен шуғылланыўшы исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда экспортёрларға жаратылып атырған шараятлар ҳәм берилген жеңилликлер, жергиликли өнимлер экспортының көлемин арттырыўда нызамшылық базасын жетилистириў, сырт еллерде саўда үйлери ҳәм қоймаханалар шөлкемлестириў, транспорт ҳәм логистика мәселелери, сондай-ақ, Өзбекстан өнимлерине сертификатлар алыўда Сенаттың әмелий жәрдеми мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

“Өзбекстан – 2030” стратегиясында 2026-жылға шекем миллий экспорт көлемин 30 миллиард АҚШ долларына жеткериў ўазыйпасы белгиленгени, исбилерменлик елимизде изге қайтпас күшке айланғаны, “Made in Uzbekistan” брендин дүньяға танытыў мақсетинде сырт елде өткерилип атырған көргизбелерде қатнасыў ушын мәмлекет тәрепинен барлық зәрүр шараятлар жаратылғаны айрықша атап өтилди.

Илаж жуўмағында мәмлекетимиз экспортёрларын парламент дәрежесинде қоллап-қуўатлаў, исбилерменлик субъектлерине экономикалық потенциалын арттырыў ҳәм экспортты кеңейтиў бағдарында ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў және нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша келисимге ерисилди.

Н.Абдураимова, ӨзАның хабаршысы