Балалардың ҳуқықларын қорғаў бойынша Өзбекстан тәжирийбеси тән алынды

134

Олий Мажлис Сенатына Орайлық Азия мәмлекетлери омбудсманларының биринши халықаралық форумы шеңберинде Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан балалар омбудсманлары, сондай-ақ, Норвегия, Хорватия ҳәм Европа балалар омбудсманлары тармағына (ENOC) басшылық етип атырған Финляндия балалар омбудсманлары келди.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда балалар ҳуқықларын қорғаўдың нызамлы тийкарлары ҳәм бул тараўда парламентлик қадағалаўдың нәтийжели әмелге асырылыўы айрықша атап өтилди.

Мәмлекетимиздиң бала ҳуқықларын қорғаў бойынша тәжирийбеси, соның ишинде, парламентте Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң ҳәр жылы балалардың жағдайы ҳәм нызамшылық жағдайы ҳаққындағы есабатын усыныўы басқа мәмлекетлер ушын үлги сыпатында тән алынды.

Бала ҳуқықларын қорғаўда халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў ҳәм олар усынған илажларды әмелге асырыўда парламент, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң белсене қатнасыўы бойынша пикир алысылды.

ӨзА